Қарақалпақстан Республикасы Беруний районында «LIDER GIPS» инвестициялық жойбары иске қосылды.

Улыўма майданы 2,5 гектарды қураған жойбардың баҳасы 25,5 миллиард сумды қурам, соннан 1,8 миллион АҚШ доллары сырт ел кредити тийкарында қәлиплестирилген. Жылына еки миллион квадрат метр гипсокартон ислеп шығарылатуғын жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде 18 жаңа жумыс орны жаратылды.

Кәрхананың ашылыў мәресиминде район жуўапкерлери ҳәм нуранийлер қатнасып, жойбардың абзаллықлары, жумыс процеси менен танысты. Кәрханадағы монтажлаў жумысларын Қытай мәмлекетинен келген инженерлер әмелге асырды. Ислеп шығарылған ҳәр қыйлы түрдеги гипсокартон ишки базарды сапалы өнимлер менен тәмийинлейди. Келешекте қурылыс материалларын экспорт етиў де режелестирилген.

Д.Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлиги