“Қарақалпақ суў тәмийнаты” акционерлик жәмийетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында баспасөз конференциясы өткерилди.
Онда акционерлик жәмийет директорының орынбасары М.Ниетуллаев, бас инженери А.Қожамбергеновлар республикамыз турғынларын ишимлик суўы менен тәмийинлеўди жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған мәмлекетлик бағдарламалар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы халқының 1 миллион 444 мыңға шамаласы, яғный 72,4 проценти ишимлик ҳәм 5,4 проценти ақаба суў менен тәмийинленген.
Быйыл республикамыз халқын ишимлик суўы менен тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде жойбар баҳасы 224,9 млрд. сумлық қаржы есабынан, улыўма узынлығы 401,7 километрлик ишимлик ҳәм ақаба суў тармақларын, 31 суў объектлерин жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги “2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бойынша илажлар ҳаққында”ғы
қарары тийкарында жойбар баҳасы 106,7 млрд. сумлық, улыўма узынлығы 81,3 километрлик ишимлик ҳәм ақаба суў тармақларын және 9 суў объектлерин жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Бул бағдарлама шеңберинде аймақлардағы 16 мәҳәлледеги 6067 шаңарақтағы 33837 пуқараның ишимлик суў тәмийнаты жақсыланады ҳәм 945 шаңарақтағы 5333 пуқараның биринши мәрте ишимлик суўы менен тәмийинлениўи күтилмекте. Соның менен бирге, усы жойбар тийкарында 1184 шаңарақ суў тармақларына жалғанып, суў өлшеў әсбаплары жойбар тийкарында орнатылады.
Бүгинги күнде бағдарлама тийкарында жәми 11 жойбардан 9 жойбар жуўмақланып, узынлығы 70,1 километрлик ишимлик суў тармақлары ҳәм 7 суў қурылмасы қурылып, 2 қурылмада қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.
Сондай-ақ, Президентимиздиң 2021-жыл 9-декабрьдеги “Жаңа Өзбекстан” массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққындағы пәрманына муўапық, жойбар баҳасы 34,6 млрд. сумлық қаржы есабынан, жәми 2 жойбарда, Кегейли ҳәм Қараөзек районларындағы “Жаңа Өзбекстан” массивлеринде узынлығы 6,1 километрлик ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары және 2 ақаба суў тазалаў қурылмасын жаңадан қурыў жумыслары әмелге асырылды.
Қарақалпақстан Республикасының жергиликли бюджет қаржыларының есабынан жойбар баҳасы 3,5 млрд. сумлық, жәми узынлығы 14,3 километрлик ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары және 3 суў қурылмасын жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылды.
Соның менен бирге, жылдан-жылға өтиўши объектлерден, жойбар баҳасы 29,6 млрд. сумлық 8 жойбарда узынлығы 44 километрлик ишимлик ҳәм ақаба суў тармақлары, 11 суў қурылмасында қурылыс жумыслары жуўмақланып, 1 суў қурылмасында қурылыс жумыслары даўам етпекте.
Бүгинги күнде бағдарлама тийкарында жәми 8 жойбардан 5 жойбар жуўмақланған, қалған үш жойбардың екеўинде мәмлекетлик қабыллаў ҳүжжетлери рәсмийлестирилмекте ҳәм бир объектте қурылыс жумыслары әмелге асырылмақта.
– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2024-жыл 6-майдағы ПҚ-1636-санлы қарары тийкарында республикамыздың 4 районында жаңадан қурылатуғын киши санаат зоналарына (КСЗ) жойбар баҳасы 1,9 млрд. сум қаржы есабынан улыўма узынлығы 9,7 километрлик ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў жумыслары әмелге асырылды,-дейди бас инженер А.Қожамбергенов.
Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң арнаўлы бийлиги ҳәм қарарларына муўапық 16 улыўма билим бериў мектеби ҳәм 5 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине 870,6 млн. сумлық, узынлығы 5,8 километрлик ишимлик суў тармақларын жаңадан қурыў, жойбар баҳасы 46,5 млрд. сумлық 21 жойбарда жәми узынлығы 218,4 километрлик ишимлик суў тармақлары ҳәм 4 суў қурылмасын жаңадан қурыў ҳәм реконструкциялаў, пуқаралардың шаңарақларына 115,1 километрлик ишки тармақлар тартыў ҳәм 2889 суў есаплағышларды орнатыў режелестирилген.
Бүгинги күнде усы 21 жойбардан 15 жойбарда узынлығы 203,4 километрлик тармақ тартылды, 3 суў қурылмасында қурылыс жумыслары жуўмақланды, узынлығы 15 километрлик ишимлик суў тармақларын қурыў ҳәм бир қурылмаға насос үскенелерин алып келиў жумыслары алып барылмақта.
Жоқарыда көрсетилген қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң Қарақалпақстан Республикасы халқының ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежесин 74,8 процентке жеткериў күтилмекте.
Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги