Тахтакөпир районындағы 17-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде районлық «Инсан» социаллық хызметлер орайы тәрепинен «Халыққа жәрдем – жоқары қәдирият» атамасында коучинг өткерилди.
Бул илажды өткериўден тийкарғы мақсет, социаллық напақалар, санаторийларға жоллама алыў, «Сақаўат ҳәм көмек» фонды қаржыларынан жәрдем көрсетиў, майыплығы болған шахсларды реабилитациялаў ҳәм оларды техникалық буйымлар менен тәмийинлеў сыяқлы бағдарларда пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў болып есапланады.
Онда район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, «Инсан» социаллық хызметлер орайы районлық бөлиминиң баслығы Д.Жаңабаевлар соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында халқымызды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша жүргизилип атырған кең көлемли жумыслар ҳәм олардың унамлы нәтийжелери ҳаққында кең түрде айтып өтип, орайдың тийкарғы ўазыйпалары, алып барып атырған жумыслары ҳаққында түсиниклер берди.
Соңынан жоқарыдағы бағдарлар бойынша таярланған арнаўлы роликлер қатнасыўшылар нәзерине усынылып, қәнигелер тәрепинен илаж қатнасыўыларының сораўларына жуўаплар берилди.
Сондай-ақ, илаж даўамында интерактив ойынлар өткерилип, пуқаралардың арасынан қатнасыўшылар таңлап алынды ҳәм олар социаллық хызметкер ҳәм мүрәжатшы ўазыйпаларын атқарып, алған билимлерин беккемледи.
Илаж соңында белсене қатнасқан пуқаралар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы