Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Салық комитетиниң «Өзбекстан Республикасында темеки өнимлери ҳәм алкогольли ишимликлерге акциз маркаларын қолланыў тәртиби ҳаққындағы қолланбаны тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Норма» хабар берди.

Келтирилиўинше, қолланба темеки өнимлери ҳәм алкогольли ишимликлерге акциз маркаларын бериў, белгилеў, сақлаў ҳәм қайтарыў тәртибин белгилейди.

Акциз маркалары менен маркаланатуғын темеки өнимлери ҳәм алкогольли ишимликлерди ислеп шығарыўшы кәрханалар «Мәмлекетлик белгиси» ДУКқа төмендеги түрге муўапық акциз маркаларын сатып алыўға буйыртпа хаты менен мүрәжат етеди. Импортшыларға Бажыхана комитетиниң аймақлық уйымларына белгиленген түрдеги буйыртпа менен мүражат етеди.

Төмендеги акциз товарларын маркалаў мәжбүрий емес:

  • республикадан тысқарыға экспорт етилип атырған;
  • бажысыз саўда ислеўши дүканлар ушын республика аймағына алып келинип атырған;
  • Министрлер Кабинетиниң рухсатнамасы болған жағдайда, көргизбелер өткериў ушын алып келинип арыған;
  • халықаралық транзит бойынша Өзбекстанға алып келинип атырған ҳәм алып шығыўға мөлшерленген;
  • физикалық шахслар тәрепинен белгиленген акцизсиз алып кириў нормалары шеңберинде алып келинип атырған.

Ҳүжжет 2024-жыл 1-ноябрьден күшке кирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги