Бас министр Абдулла Ариповтың басшылығындағы мәмлекетимиз ҳүкимети делегациясы 4-ноябрь күни Шанхайға барды. Өзбекстан делегациясы быйылғы жылдың 5-10-ноябрь күнлери Қытай Халық Республикасының көргизбесинде қатнасады. Абдулла Арипов бул илажға ҳүрметли мийман сыпатында мирәт етилген, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Сапар шеңберинде ҚХР Мәмлекетлик кеңеси Бас министри Ли Сян менен ушырасыў өткерилди.
Дәслеп, Өзбекстан тәрепи Президент Шавкат Мирзиёевтиң ҚХР Баслығы Си Цзинпинге жоллаған қызғын сәлемин жеткерди. Өз гезегинде, Қытай тәрепи Си Цзинпинниң Өзбекстан жетекшисине жақсы тилеклерин жеткериўди сорады.
Қытай Өзбекстанның исенимли, ўақыт сынағынан өткен стратегиялық бирге ислесиўшиси екени, еки тәреплеме байланыслар барған сайын беккемлеп баратырғаны, қатнасықлардың бүгинги дәрежеге көтерилиўинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзинпин арасындағы исенимли, қызғын ҳәм дослық қатнасықлар тийкарғы фактор болып атырғаны атап өтилди.
Ушырасыўда саўда-экономикалық бирге ислесиў раўажланып баратырғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, 2023-жылы саўда айлынысы 14 млрд долларға жетти. Мәмлекетлер басшылары ҳүкиметлерге оның көлемин 20 млрд долларға жеткериў ўазыйпасын қойған. Усы тапсырманың орынланыўын тәмийинлеўде барлық имканиятлар бар екени, буның ушын болса өз-ара ис-ҳәрекетлерди бирлестириў керек екени билдирилди.
Ушырасыўда саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы, санаат, инфраструктура, транспорт-логистика, «жасыл» энергетика, таў-кән санааты, аўыл хожалығы, тоқымашылық, IT, билимлендириў, туризм, аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери бойынша да толық пикир алысты.
Шанхайға сапар шеңберинде Шанхай қаласы Партия комитетиниң хаткери Чен Сзинин ҳәм «Henan investment Group», «China Datang Group», «Shanxi Tianhai Group» сыяқлы Қытайдың ири компаниялары басшылығы менен де ушырасыўлар өткерилди.
Өзбекстан ҳүкимети делегациясының Қытайға әмелий сапары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги