Жаслардың қоршаған орталықтың тазалығына итибарын күшейтиў, жасыл тәбиятқа мүнәсибетин, экологиялық мәдениятын қәлиплестириў мәмлекетимиздиң бәрқулла дыққат итибарында. Бул бойынша тийисли тараў қәнигелери ҳәм шөлкемлер тәрепинен орынларда, әсиресе, улыўма орта  билим бериў мектеплеринде турақлы түрде руўхый-ағартыўшылық, үгит-нәсият илажлары әмелге асырылып келинбекте.

Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериси министрлиги жанындағы “Арал теңизи жасларының волонтёрлар клубы” ҳәм “Жас эко-чемпионлар” бағдарламасының жетекшилери менен “Экология жаслар нәзеринде” атамасында гезектеги семинар-тренинг шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңесиниң “Жаслар қанаты” белсендилери ҳәм “Арал теңизи жаслары” волонтёрлар клубының баслығы С.Қалмуратов тәрепинен мектеп оқыўшыларына экология, волонтёрлар ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери бойынша мағлыўматлар берилди.

“Жас эко-чемпионлар” бағдарламасы белсенди қатнасыўшысы А.Наўрызбаеваның бағдарлама ҳәм жойбарлар ҳәм “Eco school Uzbekistan” жойбары бойынша презентациясы болып өтти.

Соң мектеп оқыўшыларының ыссыханаға саяхаты шөлкемлестирилип, оқыўшылар бул жерде ҳәр қыйлы нәл отырғызып, өз үлесин қосты. Өткерилген әмелий илаж даўамында оқыўшылар өзлериндей жаслардың усындай ҳәрекетлерин көрип, унамлы тәсир алды.

Илаж даўамында оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги