Президент Шавкат Мирзиёев 4-ноябрь күни электр энергетикасы тараўын трансформациялаў, аймақлардағы электр тармақлары басқарыўына жеке меншик операторларды тартыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Бул тараўды турмыс талабына сәйкес түрде раўажландырыў илажлары көрилмекте. Электр энергиясын ислеп шығарыў, узатыў ҳәм бөлистириў процесслери өз алдына компанияларға ажыратылып, инвестиция ушын имканиятлар жаратылды. Соңғы бес жылда электр энергиясын ислеп шығарыў 4 миллиард 300 миллион доллар инвестиция кирип келди, 5,7 гигаватт жаңа қуўатлықлар жаратылды.
Тармақтағы 4 кәрхана – «Өзбекстан миллий электр тармақлары», «Аймақлық электр тармақлары», «Ыссылық электр станциялары» ҳәм «Өзбекгидроэнерго» акционерлик жәмийетлери халықаралық кредит рейтингин алыўға еристи. Ендиги қәдем – трансформация арқалы бәсекиге шыдамлы компанияларға айланыў. Бул электрди пайдаланыўшыларға кепилликли жеткерип бериў ушын да, инвестицияларды еркин тартыў ушын да тийкарғы фактор.
Мәжилисте бул бағдардағы илажлар додаланды. Ҳәр бир энергетика кәрханасының биринши гезектеги ўазыйпасы өзине түсер баҳаны азайтыў екени атап өтилди. Буған жойбарларды оптималластырыў, жоғалтыўларды азайтыў ҳәм сатып алыўларды жетилистириў арқалы ерисиў мүмкинлиги көрсетип өтилди.
Бөлистириў тармақларын жеке меншик шериклик тийкарында инвесторларға берип, оларды модернизациялаўға 4 миллиард доллар инвестиция тартыў мүмкин. Усы мақсетте келеси жылы Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сырдәрьядағы тармақлар басқарыўына жеке меншик операторларды тартыў режелестирилмекте.
Өткен жылы қабылланған энергетикада бәсеки базарын шөлкемлестириў концепциясы шеңберинде тармақ кәрханалары трансформациясын тезлестириў, оларда заманагөй басқарыў системасын енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.
Келеси жыл энергетика кәрханалары ушын үнемлилик ҳәм нәтийжелилик жылы болатуғыны қатаң белгиленди. Тармақ компанияларын төменги буўынға шекем трансформациялаў ҳәм санластырыў ўазыйпасы қойылды.
Жуўапкерлер усы кәрханаларда қәрежетлерди нәтийжели басқарыў бойынша режелерин айтып өтти.
ӨзА