Президент Шавкат Мирзиёев Кармана районында қурылып атырған химиялық өнимлер технопаркин барып көрди.
Наўайы ўәлаятында химия санааты раўажланған. Аймақта минерал ресурслар көп, тармақ инфраструктурасы ҳәм кадрлар потенциалы жақсы. Буннан пайдаланып, перспективалы кәрханалар шөлкемлестириў ушын болса мәмлекетимизде қолайлы инвестиция орталығы ҳәм исбилерменлерге шараят бар.
Усы тийкарда қытайлы исбилерменлер тәрепинен «Zarafshon industrial technology» атамасында химия технопарки қурылмақта.
Бул комплекс ушын 130 гектар жер майданы ажыратылған. Бул жерде улыўма баҳасы 1 миллиард доллардан артық болған 18 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген.
Ҳәзирги ўақытқа шекем олардың екеўи – 40 мың тонна олеум, 170 мың тонна сульфат кислотасы алыў жойбарлары иске қосылды.
Итибарлы тәрепи, сульфат кислотасы ислеп шығарыў процесинде пайда болатуғын ыссылықтан үнемли пайдаланыў мақсетинде 1,4 мегаватт қуўатлылыққа ийе пуў-газ қурылмалы энергоблок қурылған. Бул кәрхана өзин-өзи толық электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз басшысына технопаркте әмелге асырылатуғын жаңа жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, баҳасы 150 миллион долларлық 1 миллион тонна сульфат кислотасы, 120 миллион долларлық 50 мың тонна каустикалық сода ҳәм 135 миллион долларлық 100 мың тонна фталоцианин (тоқмымашылық бояўы) ислеп шығарыў кәрханаларының қурылысы басланған.
Технопаркте басқа тармақлар менен кооперация байланыслары нәтийжели жолға қойылады. Нәтийжеде қурылыс санаатында 75 миллион, жеңил санаатта 107 миллион, медицинада 38 миллион долларлық шеттен келетуғын өнимлердиң орны қапланады.
Технопаркте локализациялаў ҳәзирги ўақытта 31 процентти қурайды. Жойбарлар басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы нәтийжесинде бул көрсеткиш еки есеге артады.
Мәмлекетимиз басшысы кәрханаларда өндирис балансын тәмийинлеў, «off take» шәртнамалар ислеп, өнимлерди кепилленген түрде сатыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Ҳәзирги күнде технопаркте 300 адамның бәнтлиги тәмийинленген. Барлық жойбарлар әмелге асқаннан соң, 2 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады, антрахинон, каустикалық сода, мыс хлориди, диметилсульфат, натрий сульфид, резорцин сыяқлы өнимлер таярлаў өзлестириледи. Технопарктиң жыллық экспорт имканиятын 2026-жылы 30 миллионға жеткериў ҳәм избе-из арттырып барыў режелестирилген.
Сондай-ақ, керекли коммуникация тармақлары да сырт ел инвесторы қаржылары есабынан қурылмақта.
Бул жерде 2024-2030-жыллары «Наўайыазот» акционерлик жәмийети тийкарында әмелге асырылатуғын жойбарлар таныстырылды.
Оған бола, 5 миллиард долларлық 22 жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген. Оларда 3 мыңнан аслам жаңа жумыс орны болады. Жылына 2 миллиард доллардан артық химия өнимлери ислеп шығарылып, тийкарғы бөлеги экспортқа қаратылады.
Президентимиз жойбарларда экология талапларына айрықша итибар қаратыў, заводларды углерод оксидин ҳаўаға аз шығаратуғын үскенелер менен тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берди.
Жойбарлардан 4 еўи келеси жылы пайдаланыўға тапсырылыўы мөлшерленген. Мәмлекетимиз басшысы олардың инвесторлары менен сөйлести.
ӨзА