Япония ҳүкимети қаржысы есабынан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми раўажланыў бағдарламасы тәрепинен Пәшенттаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Салыкеш» суў душшыландырыў станциясының қурылысы питкерилип, оны халыққа пайдаланыўға тапсырыў мәресими болып өтти.
Салтанатлы мәресимде район ҳәкими А.Тажетдинов, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў Бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Акико Фуджи ханым қатнасып, аўыл халқын жаңа объекттиң тапсырылыўы менен қызғын қутлықлады.
Мағлыўмат орнында атап өтиўимиз керек, бул объектке реконструкция жумысларының жүргизилиўи нәтийжесинде, 1 орында 250 куб метр суў сақлағыш (резервуар) жаңадан қурылып, суўды душшыландырыўшы станцияның қуўатлылығы 8 куб метр/сааттан 12 куб метр/саатқа артты ҳәм 300ге шамалас хожалықтың ишимлик суў тәмийнаты жақсыланды.
Илажда объект алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, қатнасыўшылар станцияның ишки имканиятлары менен танысты. Аўыл турғынлары тәрепинен япониялы мийманға қарақалпақ халқының миллий дәстүрлери көрсетилип, бул Акико Фуджи ханымда унамлы тәсирлер қалдырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы