25-октябрь күни Қоңырат-Бейнеў автомобиль жолының жаңадан қурылған 240 километрлик бөлеги пайдаланыўға тапсырылды. Усы мүнәсибет пенен болып өткен мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев қатнасты.

Бул жол мәмлекетимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын стратегиялық автомагистрал болып есапланады. Бирақ узақ жыллық қатнаўлар, Аралбойының кескин континентал климаты себепли жарамсыз аҳўалға келип қалған еди. Сол себепли 2021-2024-жылларда 323 миллион долларлық жойбар есабынан заманагөй етип қайта қурылды.

Мәмлекетимиз басшысы мәресимде усы жолдың әҳмийетин айрықша атап өтти.

Енди мәмлекетимиз аймақларынан халықаралық тасыўлар аралығы 1 мың километрге шекем, транспорт қәрежетлери болса 25 процентке шекем азаяды. Бул жол елимизди Каспий ҳәм Қара теңиз портлары арқалы Европа базарлары менен исенимли байланыстыратуғын логистика тармағына айланады. Және бир әҳмийетли тәрепи – «А-380» халықаралық жолының Өзбекстаннан өткен бөлегинде күнлик транспорт қатнаўы 3 есеге артады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Жол дүнья стандартларына ҳәр тәреплеме сай, ҳәм тегис. Ол бәринен бурын халқымыз, қалаберсе, сырт ел туристлери ҳәм жүк тасыўшыларына қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў имканиятын береди.

Алдынырақ «Ғузар- Бухара- Нөкис –Бейнеў» халықаралық автомобиль жолының басқа бөлеклери оңланған еди. Усы жылы 29-февраль күни Әмиўдәрья үстинде Қарақалпақстан менен Хорезмди байланыстыратуғын жаңа көпир ашылды. Бундай жумыслар адамлардың ҳәрекетине қолайлық жаратып, экономикалық белсендилиги артыўына, исбилерменликтиң раўажланыўына да қосымша түртки болады.

Есап-санақларға бола, жаңа жол әтирапында 200 ден аслам саўда-сервис объекти ҳәм санаат кәрханасы пайда болады. Соның есабынан дәслеп 2 мыңға шамалас, келешекте болса және 5 мыңға жақын жумыс орны шөлкемлестириледи. Сол себепли, Қарақалпақстанда транзит ҳәм басқа хызметлер көлеми жылына 200 миллион долларға, мәмлекетимиз экспорты болса кеминде 300 миллион долларға артыўы ушын беккем тийкар жаратылады.

Усы магистрал жол өтетуғын Төрткүл, Еллиққала, Беруний, Нөкис, Хөжели, Шоманай, Қанлыкөл, Қараөзек ҳәм Қоңырат районларындағы 1 миллионнан аслам халықтың турмысы өзгереди.

Президент усы жойбарда қатнасқан қурылысшы ҳәм жумысшыларға, Азия раўажланыў банкине, Түркия, Әзербайжан ҳәм қытайлы жумысты бөлип алып ислеўшилерге Қубла Корея ҳәм италиялы консультантларға миннетдаршылық билдирди.

Жол ҳәм көпир қурып, адамлардың узақ жолын жақынластырып, қыйыншылықларын аңсатластырыў ең саўаплы ислер қатарында турады. Биз жол қурыўшылардың тымсалында әне усындай уллы, елдиң дуўасы ҳәм рахметине ылайық болып киятырған мийнеткеш инсанларды көремиз. Өзбекстанның-экономикалық потенциалын, халқымыздың абаданлығын арттырыўға хызмет ететуғын бундай ийгиликли ислеримиз және де көбейсин,-деди мәлекетимиз басшысы.

Бул 240 километрлик жолдың еки тәрепи –Қарақалпақстанның Қоңырат районы ҳәм «Даўыт ата» бажыхана постына келгенлер телекөпир арқалы байланысқа шықты. Президент Шавкат Мирзиёев миннетдаршылық пенен жолдың ашылыўына рухсат берди. Бул қуўанышлы ўақыя менен бәршени қутлықлады.

Мәресимде мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери де қатнасты.

Усы жерде мәмлекетимиз басшысына инженерлик қурылысларын мониторинг етиў системасының презентациясы көрсетилди. Оған бола, көпирлердиң белгили бир орынларына электрон узатқышлар орнатылады. Олар арқалы беккемлик ҳәм қәўипсизлик дәрежеси, ҳәзиргидей белгиленген мүддетлерде емес, турақлы қадағалап барылады. Күнделикли нормадан өзгерис сезилсе, машқала тез анықланып, ўақтында шара көриледи. Бул көпирлердиң узақ ўақыт жақсы сақланыўын тәмийинлейди.

Сондай-ақ, бул система нәтийжесинде қаржы үнемленеди. 20 ға шамалас қағаз усылындағы есабатлар санластырылады. Мониторинг мағлыўматлары 30 жылға шекем сақланады.

Усындай биринши жойбар Ташкент халықаралық аэропортына апарыўшы, Бабур көшесиндеги жаңа жол өткелинде қолланылды. Мәресимде бул транспорт жолы да толық ашылды. Оның улыўма узынлығы 702 метр, ени 46 метр. Сондай-ақ, 2 айлана ҳәм 4 жай сыяқлы «Қанат»лар қурылып, Киши айланба жолы ҳәм Содиқ Толипов көшелери менен нәтийжели байланысқан. Бул қайрылып алыўға қәжет қалдырмай, автомобильлердиң  ҳәрекетин аңсатластырды. Улыўма, бул транспорт көрсетилген 1 саат ишинде 5 мыңға шамалас, бир суткада 132 мыңға жақын автомобильди өткериў қуўатлылығына ийе болды.

Президент бул системаны алдын пайтахтымыздағы 114 көпирде ҳәм соң барлық көпирлерде қолланыў кереклигин атап өтти.

Мәмлекетимизде кейинги сегиз жылда 2 мың километр жол қайтадан қурылған, 100 мың километри оңланған. Ең әҳмийетлиси, бунда сапа өзгермекте, жаңа түрдеги полимер-бетон, цемент-бетон қапламалар кеңнен қолланылмақта. Нәтийжеде жоллардан пайдаланыў мүддети 1,5 есеге шекем узайғанын айтып өтиўимиз керек.

Сырт ел компаниялары менен биргеликте келеси жылы және мың километрли жол қурыў бойынша 10 ири жойбар режелестирилген.

ӨзА