Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мирәт етиўине бола 23-24-октябрь күнлери БРИКС бирлеспеси мәмлекетлериниң саммитинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Казан қаласында болды.

Мәмлекетимиз басшысы 24-октябрь күни «БРИКС плюс» саммитиниң жалпы мәжилисинде шығып сөйледи.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин басшылығында өткерилген илажда Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин, Қубла Африка Республикасы Президенти Сирил Рамафоса, Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси, Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиён, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян, Вьетнам Социалистик Республикасы Бас министри Фам Минь Тинь, БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, басқа да бир қатар мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы системаларының басшылары ҳәм жоқары дәрежели ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, инклюзив ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў мақсетинде халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери, сондай-ақ, глобал ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли машқалалары додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти «БРИКС плюс» форматындағы ушырасыўлар глобал раўажланыўдың әҳмийетли мәселелеринде кең түрдеги сөйлесиў ҳәм ашық додалаўлар ушын әҳмийетли екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги күнде дүнья жедел бөлинип баратырғанын, инсанларға үлкен азап-ақыретлер, аўыр азап шегиў ҳәм орнын толтырып болмайтуғын жоғалтыўлар келтирип атырған урыс ҳәм ўақыялар саны артып атырғанын өкиниш пенен атап өтти.

– Жәҳән экономикасы ҳәм саўдасының бөлекленип баратырғаны теңсизлик, технологиялық үзилислер ҳәм протекционизмди күшейтпекте. Мәмлекетлер арасында жаңа тосқынлықлар жүзеге келмекте, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бундай шараятта тең ҳуқықлылық, блоклардан жырақлық, бир-бириниң мәплерин есапқа алыў, суверенитетке ҳәм өзиниң еркин раўажланыў жолына ийе болыў ҳуқықына ҳүрмет сыяқлы принциплерге тийкарланып ҳәрекет етип атырған БРИКС өзин көп тәреплеме бирге ислесиў ҳәм шерикликтиң абырайлы ҳәм раўажланып баратырған системасы сыпатында көрсетпекте.

Өзбекстан жетекшиси өз-ара байланыслардың бундай модели БМШтың орайлық ролин сақлаған ҳалда дүнья тәртиплериниң бүгингиге қарағанда бола әдалатлы жаңа архитектурасын қәлиплестириў ушын беккем тийкар болыўы мүмкин екенлигине исеним билдирди.

Геосиясий бәсеки, миллий эгоизм ҳәм идеологиялық қәлиплерден еркин болған, конструктивлик қарым-қатнас жолы менен глобал келисимге ерисиў бойынша жаңлаған шақырықлар қоллап-қуўатланды.

– Дүньядағы басқарыў институтларын реформалаў ҳәм «Қубла – Қубла» ҳәм «Арқа – Қубла» форматларындағы жуўапкершиликли байланысларды кеңейтиўдиң ўақты келди, деп есаплаймыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан БРИКС мәмлекетлери менен шериклик байланысларын буннан былай да жедел тереңлестириў, усы бирлеспе шеңберинде ашылып атырған жаңа имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў нийетинде екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы БРИКС мәмлекетлериниң глобал теңсизлик ҳәм экономиканы инклюзив жол менен қайта тиклеў машқалаларын шешиў мақсетинде бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша фундаментал садықлығын қоллап-қуўатлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан әҳмийетли инвестициялық ҳәм социаллық жойбарларды әмелге асырыў ушын БРИКСтиң жаңа Раўажланыў банки менен тығыз бирге ислесиўди орнатыўды режелестирген ҳәм инновация, санлы экономика, «жасыл» раўажланыў ҳәм энергетика, тосқынлықларсыз электрон коммерция сыяқлы тараўларда әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар.

Сондай-ақ, Өзбекстан БРИКС жасалма интеллект бойынша Изертлеў топарының биргеликтеги жойбарларында қатнасыў, ЮНИДО жанында шөлкемлестирилип атырған Компетенциялар орайына, сондай-ақ, мирәт етилип атырған Инвестиция платформасына қосылыў нийетинде.

Президентимиз Өзбекстан БРИКСтеги шериклери менен биргеликте транспорт тараўындағы байланысты күшейтиў, жаңа трансконтинентал жолларды жаратыў, жеткерип бериўдиң исенимли логистика шынжырларын қәлиплестириў, каботаж тасыўлар системасын раўажландырыў бағдарында тығыз жумыс алып барыўға таяр екенлигин билдирди.

Азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеў, климат өзгерислериниң унамсыз ақыбетлерин шешиў, денсаўлықты сақлаў мәселелеринде де бирге ислесиў әҳмийетли екени атап өтилди.

Шөлкем шеңберинде исбилерменлер арасындағы байланысларды раўажландырыўды қоллап-қуўатлап, мәмлекетимиз басшысы барлық мәпдар мәмлекетлерге БРИКСти Исбилерменлер кеңесине қосылыў имканиятларын көрип шығыўды усыныс етти.

Халықаралық терроризм менен байланыслы қәўип ҳәм күшлерге қарсы гүресиў ҳаққында сөз етер екен, Өзбекстан басшысы радикалласыў ҳәм экстремистик идеялардың, бәринен бурын, жаслар арасында тарқалыўының алдын алыўға айырықша итибар қаратыў зәрүрлигин көрсетип өтти.

Жақын Шығыстағы келиспеўшилик барған сайын кескинлесип баратырғаны, бул регион қоңсы мәмлекетлер ҳәм үлкен мәмлекетлердиң бул келиспеўшиликке тартылыўы менен глобал кризистиң ири ошағына айланып баратырғаны айрықша тәшўиш пенен атап өтилди.

– Биз Ғаза ҳәм Ливандағы мисли көрилмеген гуманитар апатты кеўлимиздеги ашыныў сезими менен қабыллап атырмыз. Тыныш халық, әсиресе, балалардың бийгүнә қурбан болыўын ҳеш қандай сиясий мақсетлер ақлай алмайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бүгинги күнде оқ атыўды тезлик пенен тоқтатыў ҳәм жәбирленгенлерге тез жәрдем көрсетиў кешиктирип болмайтуғын ўазыйпалар екени атап өтилди.

– Израиль – Палестина машқаласының бирден-бир шешими – «еки халық ушын еки мәмлекет» принципи тийкарында келиспеўшиликти тыныш жол менен шешиў болып қалмақта, – деди Президент.

Аўғанстан машқаласына тоқтап, мәмлекетимиз басшысы бул мәмлекетти бөлеклеў емес, ал Аўғанстан халқына ҳәм оның әмелдеги ҳәкимиятына социаллық-экономикалық раўажланыў, тыныш қурылыс ҳәм раўажланыўдың әҳмийетли машқалаларын шешиўде жәрдем көрсетиў улыўма ўазыйпа екенин атап өтти.

Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан жетекшиси турақлы раўажланыўдың улыўма мақсетлерине ерисиў ушын БРИКС мәмлекетлери менен тығыз ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўге таяр екенлигин атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БРИКС саммити шеңберинде Вьетнам Социалистик Республикасы Бас министри Фам Минь Тинь менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Вьетнам арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиў ҳәм әмелий байланысларды, әсиресе, саўда-экономикалық ҳәм инвестиция тараўларында раўажландырыў мәселелери додаланды.

Ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық сөйлесиўлерден системалы түрге енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. Тәреплер келеси жыл басында Ханой қаласында Саўда-экономикалық мәселелер бойынша биргеликтеги комиссияның гезектеги мәжилисин, сондай-ақ, бизнес форумы ҳәм санаат көргизбесин өткериўге келисип алды.

Жаңа жойбарларды алға қойыў мақсетинде нефть-химия, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа тараўларда санаат кооперациясын раўажландырыў бағдарламасын таярлаў усыныс етилди. Исбилерменлик ҳәм туристлик байланысларды, атап айтқанда, визасыз тәртип енгизиў арқалы кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлар кестеси көрип шығылды. Бас министр Фам Минь Тинь Өзбекстан Президентин рәсмий сапар менен Вьетнамға келиўге мирәт етти.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Казан қаласына әмелий сапары жуўмақланды.

 

ӨзА