Президент Шавкат Мирзиёев 21-октябрь күни Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети – «Green University»да болды.
Бурын бул тараўда бир пүтин жоқары билимлендириў дәргайы жоқ еди. Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 31-майдағы қарары тийкарында шөлкемлестирилген бул университетте заманагөй экологиялық бағдарлар қамтып алынды.
«Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде мәмлекетимизде БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў илажлары көрилмекте. Бизге белгили, бул климат өзгериўлери, суў ҳәм энергетика тазалығы, денсаўлық, билимлендириў, тутыныў ҳәм өндирис сыяқлы 17 абаданлық ўазыйпаларын қамтып алған болып, олар көпшилик жағдайда кадрлардың маманлығына байланыслы. Соның ушын университетте қоршаған орталық ҳәм турақлы басқарыў, қоршаған орталық ҳәм экономика, экология ҳәм мәмлекетлик басқарыў, турақлы раўажланыў, турақлы қаржы, экология ҳуқықы, қоршаған орталық тараўында ғалаба коммуникациялар бағдарлары ашылған.
450 орынға мөлшерленген оқыў имараты оңланып, заманагөй шараятлар жаратылған. Ханалар тараўға байланыслы әсбап-үскенелер, компьютерлер ҳәм жасалма интеллект қураллары менен тәмийинленген. Билимлендириў инглис тилинде алып барылады. Оның ушын АҚШ, Уллы Британия, Мексика ҳәм Франциядан сырт ел оқытыўшылары да тартылған.
Президент университет қәнигелери ҳәм студентлери менен сәўбетлести.
– Ҳәзир экология санлы технологиялардай әҳмийетли. Келешекте барлық тараў қоршаған орталық пенен байланыслы болады. Соның ушын бул жерде экологиялық экономика, қаржы, ҳуқық сыяқлы бағдарлар шөлкемлестирилди. Енди дуал билимлендириўди кеңейтип, бул жердеги билимлерди тезирек орынларда қолланыў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.
Жуўапкерлерге экология тараўында төменги буўын кадрларын таярлаў бойынша Қарақалпақстанда ҳәм ҳәр бир ўәлаятта техникумлар шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Университетте сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери менен академиялық ҳәм кәсиплик тәжирийбе алмасыў жолға қойылған. Оқыў бағдарламалары олар менен биргеликте, «илим-билимлендириў-өндирис интеграциясы» принципи тийкарында ислеп шығылған.
Заманагөй лаборатория студентлерди илимге тартыў, тәжирийбесин арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта. Онда жер, суў, био ҳәр түрлилик ҳәм шығынды үлгилери ҳәр қыйлы орталықта тексерилип, илимий жуўмақлар бериледи.
Мәмлекетимиз басшысы бул лабораторияларды да көзден өткерди.
– Бул жерде илимий потенциал бар, зәрүр үскенелер бар. Буннан нәтийжели пайдаланыў керек. Мәселен, жер-суў шараятлары аўыр районлар бойынша шәртнама тийкарында таллаўлар өткериў мүмкин. Бул еки тәреплеме пайдалы болады,-деди Президент.
Мәкемеде илимлер аралық изертлеўлер алып барыў, инновациялық педагогикалық усыл ҳәм технологияларды ислеп шығыў, илимий-изертлеў ҳәм әмелий билимлерди интеграциялаўға айрықша итибар қаратылмақта. Оқыў процеси «Hub and spoke» принципи тийкарында шөлкемлестирилген. Бул бир пүтин оқыў системасын жаратыў, ресурсларды оптималластырыў, студентлер ҳәм қәнигелердиң ҳәрекетшеңлигин арттырыў сыяқлы өзгешеликлери менен ажыралып турады.
Университеттиң имканиятларын кеңейтиў ушын келешекте пайтахтымыздың Юнусабад районындағы ҳәм Ташкент ўәлаятының Бостанлық районындағы бурынғы колледжлердиң имаратлары оңланып, кампусқа айландырылыўы режелестирилген.
Соң мәмлекетимиз басшысы турмыслық шығындыларды қайта ислеў, олардан электр энергиясы ҳәм өним ислеп шығарыў жойбарларының презентациясы менен танысты.
Елимизде жылына 14 миллион тонна шығындылар пайда болады. Бирақ олардың тек ғана 4-5-проценти қайта исленеди. Шығынды полигонларынан 7 миллион тоннадан аслам ыссыхана газлери атмосфераға шығады, 43 мың тонна зәҳәрли фильтрлер жер астына сиңеди.
Шығындыларды қайта ислеў арқалы да оның тәбиятқа тәсирин азайтыў ҳәм пайда алыў мүмкин. Усы мақсетте Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен сырт ел инвесторлары менен биргеликте бир қатар жойбарлар ислеп шығылған. Дерлик 1 миллиард 300 миллион долларлық инвестицияларды кеңнен тартқан ҳалда, 8 шығынды жағыў заводын қурыў ҳәм Аҳангаран полигонында шығынды газин қайта ислеў режелестирилген.
Мәселен, Қытайдың “CAMC Engineering” компаниясының 350 миллион доллар тиккелей инвестициясы есабынан Әндижан ҳәм Ташкент ўәлаятларында 2 завод қурылды. Оларда күнине 4 мың тонна шығынды қайта исленип, жылына 630 миллион киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады.
Бул тараўға Қытайдың басқа бир компаниясы -“Shanghai SUS Environment” де қызығыўшылық билдирген. Ол 310 миллион доллар тиккелей инвестиция киргизип, Самарқанд ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында 2 завод қурыўды режелестирген. Оларда күнине 3 мың тонна шығынды қайта исленип, жылына 480 миллион киловатт саат электр энергиясы алынады.
Бирлескен Араб Әмирликлериниң “Tadweer Group” компаниясының 200 миллион доллар қаржысы есабынан Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары ушын бир завод қурылады. Онда күнине 1 мың 500 тонна шығындыны қайта ислеў ҳәм жылына 363 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылады.
Корея Республикасының «Sejin» компаниясының қатнасыўындағы жойбар да оғада әҳмийетли. Оған бола, 55 миллион долларға Ташкент ўәлаяты Аҳангаран районындағы турмыслық шығынды полигонында пайда болатуғын газден альтернатив электр энергиясын алыў жолға қойылады. Оның қуўатлылығы 16 мегаватт болатуғыны нәзерде тутылған.
Улыўма, жойбарлардың нәтийжесинде қатты турмыслық шығындылардан ақылға уғрас пайдаланыў тәмийинленеди. Жылына 4,7 миллион тоннадан аслам шығынды жағылып, 2 миллиард 100 миллион киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады. 97 миллион АҚШ доллары баҳасындағы электр энергиясы сатылады. Сондай-ақ, булар арқалы 152 миллион метр куб тәбийғый газ үнемленеди ҳәм 2,4 миллион тонна ыссыхана газлери азаяды. 1 мың 200 жаңа жумыс орны жаратылады.
Жойбарлар 2025-2027-жылларда Әндижан, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Самарқанд, Сырдәрья, Ферғана, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында әмелге асырылыўы режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарлардың социаллық әҳмийетине айрықша итибар қаратты.
– Булар қуры завод емес, өмиримизди шешетуғын мәселелерден бири. Жер-суўларымыздың жарамлылығы да, халықтың саламатлығы да, ҳаўа тазалығы менен энергетика турқлылығы да усы тараўға байланыслы. Шығындылардан дурыс пайдаланып, көбирек қайта исленсе, экологиялық альтернатива жақсыланады, тәбият таза болады, жәмийет өзгереди, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Сонлықтан жуўапкерлерге бул жойбарларды үлги етип, аймақларда көбейтиў бойынша көрсетпе берилди.
Ҳәзир инвесторлар, ислеп шығарыўшылар, биринши гезекте, кәрханасының энергия тәмийнатын ойлайды. Соның ушын шығындыны қайта ислеў заводларының жанында қурылыс материаллары, органикалық төгинлер сыяқлы жаңа кәрханаларды жайластырыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди. Бул исбилермен ушын да, инвестор ушын да пайдалы болады.
Барлық аймақларда бундай жойбарларды көбейтиў ҳәм теңдей раўажландырыў бойынша «жол картасын» ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимизде бул тараў избе-из жетилистирип келинбекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйыл 26 сентябрьдеги пәрманы менен, Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди.
Агентлик шығындыларды топлаў, таңлаў, зыянсызландырыў, қайта ислеў, жағыў, утилизациялаў ҳәм оларды жоқ етиўдиң заманагөй усылларын енгизиў менен шуғылланады. Бул тараўда циркуляр экономиканы раўажландырыў есабынан экологиялық жағдай турақласады, санитар жағдай жақсыланады, халыққа қәўипли кеселликлердиң жуғыўы азаяды. Шығындылар қайта исленип, альтернатив энергия, шийки зат ҳәм органикалық төгин алынады. Бар шығынды полигонлары аймағында экосаноат зоналары шөлкемлестириледи.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары