Сайлаў-2024
Сайлаў – демократиялық жәмийеттиң тийкары. Ол ҳәр қандай мәмлекеттиң сиясий-жәмийетлик турмысында үлкен әҳмийетке ийе.
Өзбекстанда да 2024-жыл 27-октябрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўы болып өтеди. Бул сайлаўлардың демократиялық, ашық-айдынлық, нызам үстинлиги принциплери тийкарында өтиўи көпшилик жағдайда мәмлекеттеги социаллық-экономикалық, сиясий, руўхый жағдай ҳәм толық сайлаў ҳуқықы тийкарларының бар екенлигине байланыслы.
Мәмлекетимизде мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм институтларын сайлаўлар жолы менен шөлкемлестириў бағдарында халықаралық нормалар ҳәм үлгилерге толық сәйкес келетуғын тәжирийбе қәлиплескен. Усы жерде пуқаралардың сайлаў ҳуқықларын әмелге асырыўдың әҳмийетли кепили сыпатында Өзбекстан Республикасының Конституциясын атап өтиў мүмкин. Конституцияда белгилеп берилген сайлаўға байланыслы конституциялық принциплер тийкарында Сайлаў кодекси қабыл етилген.
Реформалар, халықаралық басламаларға қарай жедел қәдем таслап атырған Өзбекстан «Ҳәр бир сайлаўшының даўысы тийкарында мәмлекеттиң ертеңги күни, келешек әўладлардың турмысы ҳәм пуқаралардың жәмийетлик-сиясий ҳуқықлары жәмленген», деген сүренге қатаң әмел етпекте.
Бул Ташкентте өткерилип атырған халықаралық бирге ислесиў басламалары ҳәптелигиниң «Сайлаўлар демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм жаңаланған Конституцияны әмелде қолланыўдың жаңа басқышы сыпатында» атамасындағы сессияда және бир мәрте тән алынды.
Ҳәптелик усы жылдың 26-октябрь күнине шекем даўам етеди. Онда 350 ден аслам сырт ел бирге ислесиўшилери, яғный халықаралық шөлкемлер, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, сондай-ақ, ири бизнес ўәкиллери, экспертлер қатнаспақта. Илаж шеңберинде 50 ден аслам конференция, дөгерек сәўбетлери ҳәм ғалаба сөйлесиўлер шөлкемлестириў режелестирилген.
Илажларда сырт ел ҳәм жергиликли экспертлер, аналитиклер Жаңа Өзбекстандағы демократиялық реформалар, олардың мәниси, ерисилген жетискенликлер, мәмлекетте жүзеге келип атырған пүткиллей жаңа социаллық-экономикалық, сиясий-ҳуқықый ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәкан, сыртқы ҳәм ишки сиясаттың тийкарғы ўазыйпалары бойынша пикир алысады.
Сырт ел қәнигелери мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық стандартлар миллий нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына системалы ҳәм басқышпа-басқыш түрде имплементацияланғанын айрықша атап өтпекте.
Соның ишинде, Латвияның Туриба университети профессоры Раймундас Колесникас Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық реформалар, соның ишинде, сайлаўлар ҳәм оған таярлық процесин жоқары баҳалады.
– Өзбекстан бүгин қыйыншылықларды жеңип өтиўге ерисип атырғанын көрип турмыз,-деди Раймундас Колесникас. – Бул реформалардың табысы тиккелей сиясий ерк-ықрарға байланыслы. Бақлаўшы қәниге сыпатында атап өтиў мүмкин, Президент Шавкат Мирзиёев реформалар ислеўде жүдә үлкен сиясий ерк-ықрар көрсетпекте. Мәмлекетиңизде жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды сырт ел қәнигелери, дүнья жәмийетшилигине жеткериў жүдә әҳмийетли болып есапланады. Бул бағдарда усы ҳәптелик сыяқлы халықаралық илажларды көбирек өткериў тийис.
Халықаралық бирге ислесиў басламалары ҳәптелиги даўамында «Бәркамал ҳәм саламат әўлад – Жаңа Өзбекстан келешегиниң тийкары», «Өзбекстанда сөз еркинлиги ҳәм ҒХҚ, социаллық тармақлардың кеңнен раўажланыўы-демократиялық қәдириятларды кеңейтиў жолында», «Социаллық хызметлерди көрсетиў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың саламатлығын кепиллеў, гендер теңликти тәмийинлеў», «Еркин пуқаралық жәмийети ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди раўажландырыў» сыяқлы бир қатар темаларда панел пикирлесиўлер алып барылмақта.
Жәҳән банкиниң үлкен экономисти Пинар Яшар пуқараларды мүнәсип жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм олардың жасаў шараятын жақсылаў Өзбекстандағы реформалардың тийкарғы мақсетлеринен бири есапланатуғынын атап өтти. Ол анық нәтийжелерден бири сыпатында жумыссызлық дәрежеси жылдан-жылға азайып атырғанына итибар қаратты.
«Глобал бирге ислесиў арқалы турақлы экономикалық өсиўди хошаметлеў: инсан капиталы ҳәм исбилерменлик имканиятын кеңейтиўде инновацияның роли» темасындағы дөгерек сәўбетинде Жәҳән банкиниң Орайлық Азия регионында инсан капиталын раўажландырыў мәселелери бойынша глобал әмелият басшысы Тазин Фосиҳ Өзбекстан Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасында кәмбағаллықты қысқартыўда ең жақсы нәтийже көрсеткенин жәриялады.
– Елиңизде билимлендириў реформасы жедел түс алғанын тән алыўым керек,-деди Тазин Фосиҳ. – Экономиканы санластырыў ҳәм мәлимлеме коммуникация технологияларының көнликпесине айрықша итибар берилмекте. Сессияда кәсиплеслерим макроэкономикалық мәселелерге де айрықша итибар қаратып, экономиканы өзгертиў ҳәм Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процеси ҳаққында толық мағлыўмат берди. Бул процесс мәмлекет экономикасы күн сайын дүньяға ашылып барытырғанынан дәрек бериўши үлкен қәдемлерден бири болып есапланады.
«Жаңа Өзбекстанда жаслар сиясаты ҳәм спорт тараўларында ерисилген жетискенликлер ҳәм келешектеги ўазыйпалар» деп аталған сессияда болса мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жаслар сиясатының нәтийжелери, спорт тараўында ерисилип атырған нәтийжелер ҳаққында сөз болды. Онда 2025-жылы Ташкент қаласында жаслар арасында III Азия ҳәм V Паразия ойынларының өткерилетуғыны мәлим етилди. Оның ушын дерлик 100 гектар майданда Олимпиада қалашасының қурылып атырғаны атап өтилди.
Ҳәптелик шеңберинде тек ғана Өзбекстан ушын емес, ал пүткил дүнья жәмийетшилиги ушын да әҳмийетли ҳәм глобал темаға айланған жасыл раўажланыў, қәўипсиз туризм, азық-аўқат қәўипсизлиги, заманагөй агротехнологиялар ҳәм киши бизнес тараўларын раўажландырыў, сыртқы сиясат: тынышлық, ашық-айдынлық ҳәм раўажланыў жолындағы келисимлер бойынша экспертлер таллаўы ҳәм усыныслары да додаланып атырғанын атап өтиў керек.
Ҳәптелик даўамында сырт елли шериклер менен өз-ара пайдалы байланысларды беккемлеўге қаратылған келисимлерге қол қойыў, биргеликтеги жойбарлары нәтийжели әмелге асырыў бағдарында келисимлерге ерисиў күтилмекте.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы