Пайтахтымызда «Әзербайжан – Өзбекстан : Жипек жолы жаслар климат форумы» болып өтти.
Форумда еки мәмлекеттен 200 ге шамалас жаслар, экспертлер ҳәм арнаўлы ўәкиллер қатнасты.
Онда жаслардың экологиялық мәдениятын қәлиплестириў ҳәм климат өзгерислерине байланыслы бир қанша әҳмийетли темалар бойынша додалаўлар алып барылды. Климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм климат өзгериўиниң заманагөй қәўип-қәтерлери сыяқлы темалар додаланды.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Өзбекстанда Әзербайжан капиталы қатнасыўындағы 236 кәрхана табыслы жумыс ислемекте. Кейинги 5 жыл ишинде Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы товар алмасыў көлеми 3 есеге артты. Усы жылдың басынан берли өз-ара товар алмасыў көлеми және 20 процентке артқанын көрсетпекте.
Сондай-ақ, Әзербайжан менен пайдалы қазылмаларды өзлестириў ҳәм қайта ислеў, соның ишинде, қурылыс материалларын ислеп шығарыў мәселелери де режелестирилмекте.
Гульноза Бобоева, Рустам Назарматов (Сүўрет), ӨзА