Президент Шавкат Мирзиёев турмыслық шығындыларды қайта ислеў, олардан электр энергиясын ҳәм өним ислеп шығарыў жойбарларының презентациясы менен танысты.
Елимизде жылына 14 миллион тонна шығындылар пайда болады. Бирақ олардың тек ғана 4-5-проценти қайта исленеди. Шығынды полигонларынан 7 миллион тоннадан аслам ыссыхана газлери атмосфераға шығады, 43 мың тонна зәҳәрли фильтрлер жер астына сиңеди.
Шығындыларды қайта ислеў арқалы да оның тәбиятқа тәсирин азайтыў ҳәм пайда алыў мүмкин. Усы мақсетте Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен сырт ел инвесторлары менен биргеликте бир қатар жойбарлар ислеп шығылған. Дерлик 1 миллиард 300 миллион долларлық инвестицияларды кеңнен тартқан ҳалда, 8 шығынды жағыў заводын қурыў ҳәм Аҳангаран полигонында шығынды газин қайта ислеў режелестирилген.
Мәселен, Қытайдың “CAMC Engineering” компаниясының 350 миллион доллар тиккелей инвестициясы есабынан Әндижан ҳәм Ташкент ўәлаятларында 2 завод қурылды. Оларда күнине 4 мың тонна шығынды қайта исленип, жылына 630 миллион киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады.
Бул тараўға Қытайдың басқа бир компаниясы -“Shanghai SUS Environment” де қызығыўшылық билдирген. Ол 310 миллион доллар тиккелей инвестиция киргизип, Самарқанд ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында 2 завод қурыўды режелестирген. Оларда күнине 3 мың тонна шығынды қайта исленип, жылына 480 миллион киловатт саат электр энергиясы алынады.
Бирлескен Араб Әмирликлериниң “Tadweer Group” компаниясының 200 миллион доллар қаржысы есабына Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары ушын бир завод қурылады. Онда күнине 1 мың 500 тонна шығындыны қайта ислеў ҳәм жылына 363 миллион киловатт саат электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлығы жаратылады.
Корея Республикасының “Sejin” компаниясының қатнасыўындағы жойбар да жүдә әҳмийетли. Оған бола, 55 миллион доллар есабынан Ташкент ўәлаяты Аҳангаран районындағы турмыслық шығынды полигонында пайда болатуғын газден альтернатив электр энергиясын алыў жолға қойылады. Оның қуўатлығы 16 мегаватт болыўы нәзерде тутылған.
Улыўма, жойбарлар нәтийжесинде қатты турмыслық шығындыларды ақылға уғрас пайдаланыў тәмийинленеди. Жылына 4,7 миллион тоннадан аслам шығынды жағылып, 2 миллиард 100 миллион киловатт саат электр энергиясы ислеп шығарылады. 97 миллион АҚШ доллары баҳасындағы электр энергиясы сатылады. Сондай-ақ, булар арқалы 152 миллион метр куб тәбийғый газ үнемленеди ҳәм 2,4 миллион тонна ыссыхана газлери азаяды. 1 мың 2 тонна жаңа жумыс орны жаратылады.
Жойбарлар 2025-2027-жылларда Әндижан, Бухара, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган, Самарқанд, Сырдәрья, Ферғана, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында әмелге асырылыўы режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарлардың социаллық әҳмийетине айрықша итибар берди.
-Булар тек ғана завод емес, турмысымызды шешетуғын мәселелерден бири. Жер-суўларымыздың жарамлылығы да, халық саламатлығы да, хаўа тазалығы энергетика турақлылығы да усы тараўға байланыслы. Шығындылар дурыс топланып, көбирек қайта исленсе, экологиялық теңсалмақлылықты жақсылайды, тәбият таза болады, жәмийет өзгереди,-деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Сол себепли жуўапкерлерге бул жойбарларды үлги етип, аймақларда көбейтиў бойынша көрсетпе берилди.
Ҳәзир инвесторлар, ислеп шығарыўшылар, биринши гезекте, кәрханалардың энергия тәмийнатын ойлайды. Соның ушын шығындыны қайта ислеў заводлары жанында қурылыс материаллары, органикалық төгинлер сыяқлы жаңа кәрханаларды жайластырыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди. Бул исбилермен ушын да, инвесторлар ушын да пайдалы болады.
Барлық аймақларда бундай жойбардарды көбейтиў ҳәм теңдей раўажландырыў бойынша «жол картасы» ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимизде бул тараў избе-из қәлиплестирилип келинбекте. Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 26-сентябрьдеги пәрманы менен, Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди.
Агентлик шығындыларды топлаў, сайлаў, зыянсызландырыў, қайта ислеў, жағыў, утилизациялаў ҳәм оларды жоқ етиўдиң заманагөй усылларын енгизиў менен шуғылланады. Бул тараўда циркуляр экономиканы раўажландырыў есабынан экологиялық жағдай турақласады, санитар жағдай жақсыланады, халыққа қәўипли кеселликлер жуғыўы азаяды Шығындылар қайта исленип, альтернатив энергия, шийки зат ҳәм органикалық төгинлер алынады. Пайда болған шығынды полигонлары аймағында экосанаат зоналары шөлкемлестириледи.
ӨзА