Буннан 35 жыл алдын «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилиўи елимиз турмысындағы ең бир әҳмийетли ўақыялардың бири болды. Себеби, усы нызамның қабыл етилиўи менен Өзбекстан Республикасының нызам ҳүжжетлери , мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының басқа ҳүжжетлери мәмлекетлик тилде қабыл етилип, жәриялана басланды.
Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жылдың 20- октябрьдеги «Мәмлекетимизде өзбек тилин буннан былай да раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының қабыл етилиўи, өзбек тилиниң халқымыздың жәмийетлик турмысында ҳәм халық аралық көлемдеги абырайын және де арттырыў, өсип киятырған жасларымызды Ўатансүйиўшилик, миллий үрп-әдет ҳәм қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў, мәмлекетимизде мәмлекетлик тилдиң толық енгизилиўин тәмийинлеў, Өзбекстандағы миллет ҳәм халықлардың тиллерин сақлаў ҳәм раўажландырыў, мәмлекетлик тил сыпатында өзбек тилин үйрениў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, өзбек тили ҳәм тил сиясатын раўажландырыўдың стратегиялық мақсетлери, баслы бағдар ҳәм ўазыйпаларын, соның менен бирге, келешектеги басқышларын белгилеп берди.
Усы пәрман тийкарында, 2020-2030-жылларда өзбек тилин раўажландырыў ҳәм тил сиясатын жетилистириў концепцияси тастыйықланды.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық театрында 21-октябрь – Өзбек тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 35 жыллығына бағышланып, «Қәдириң бәлент болсын, ана тилим!» атамасында байрам илажы болып өтти.
Оған республикамыз ҳүкимети ағзалары, министрлик, мәкеме, шөлкем, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынлары басшылары, студент жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, республикамыз халқын байрам мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлады.
-Бәршеңизге белгили, инсан ушын киндик қаны тамған Ўатаны, дүньяға келтирип, камалға келтирген ата-анасы қаншелли әзиз ҳәм ҳүрметли болса, оның өзлигин ҳәм руўхый дүнясын белгилейтуғын ана тили де соншелли қәдирли есапланады. Көп миллетли халқымызды елимиз келешеги ҳәм гүллеп-жаснаўы ушын деген ийгиликли мақсет жолында бирлестириў, ўатанласларымыздың қәлбине бирден-бир Ўатан, улыўма абадан келешек сезимин сиңдириўде тил бирлестириўши әҳмийетке ийе, деди республикамыз басшысы өз сөзинде.
Буннан соң Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының 4-курс студенти Райҳоной Хаджиева, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери», «Дўстлик» ордениниң ийеси Гүлистан Дәўлетовалар байрамға арналған қосықларын оқып берди.
Соңынан республикамызға белгили көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жас талантлылар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилип, кешеге өзгеше заўық бағышлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги