Президент Шавкат Мирзиёев 21-октябрь күни Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университети – «Green University »да болды.

Бурын бул тараўда бир пүтин жоқары билимлендириў дәргайы жоқ еди. Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 31-майдағы қарары тийкарында шөлкемлестирилген бул университетте заманагөй экологиялық бағдарлар қамтып алынды.

«Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде мәмлекетимизде БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў илажлары көрилмекте. Бизге белгили, бул климат өзгериўлери, суў ҳәм энергетика тазалығы, денсаўлық, билимлендириў, тутыныў ҳәм өндирис сыяқлы 17 абаданлық ўазыйпаларын қамтып алған болып, олар  көп тәреплеме кадрлар маманлығына байланыслы. Соның ушын университетте қоршаған орталық ҳәм турақлы басқарыў, қоршаған орталық ҳәм экономика, экология ҳәм мәмлекетлик басқарыў, турақлы раўажланыў, турақлы қаржы, экология ҳуқықы, қоршаған орталық тараўында ғалабалық коммуникациялар бағдарлары ашылған.

450 орынға мөлшерленген оқыў имараты оңланып, заманагөй шараятлар жаратылған. Ханалар тараўға байланыслы әсбап-үскенелер, компьютерлер ҳәм жасалма интеллект қураллары менен тәмийинленген. Билимлендириў инглис тилинде алып барылады. Оның ушын АҚШ, Уллы Британия, Мексика ҳәм Франциядан сырт ел оқытыўшылары да тартылған.

Президент университет қәнигелери ҳәм студентлери менен сәўбетлести.

– Ҳәзир экология санлы технологиялардай әҳмийетли. Келешекте барлық тараў қоршаған орталық пенен байланыслы болады. Соның ушын бул жерде экологиялық экономика, қаржы, ҳуқық сыяқлы бағдарлар шөлкемлестирилди. Енди дуал  билимлендириўди кеңейтип, бул жердеги билимлерди тезирек орынларда қолланыў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Жуўапкерлерге экология тараўында төменги буўын кадрларын таярлаў бойынша Қарақалпақстан ҳәм ҳәр бир ўәлаятта техникумлар шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Университетте сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери менен академиялық ҳәм кәсиплик тәжирийбе алмасыў жолға қойылған. Оқыў бағдарламалары олар менен биргеликте, «илим-билимлендириў-өндирис интеграциясы» принципи тийкарында ислеп шығылған.

Заманагөй лаборатория студентлерди илимге тартыў, тәжирийбесин арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта. Онда жер, суў, био ҳәр түрлилик ҳәм шығынды үлгилери ҳәр қыйлы орталықта тексерилип, илимий жуўмақлар бериледи.


Мәмлекетимиз басшысы бул лабораторияларды да көзден өткерди.

– Бул жерде илимий потенциал бар, зәрүр үскенелер бар. Буннан нәтийжели пайдаланыў керек. Мәселен, жер-суў шараятлары аўыр районлар бойынша шәртнама тийкарында таллаўлар өткериў мүмкин. Бул еки тәреплеме пайдалы болады,-деди Президент.

Мәкемеде илимлер аралық изертлеўлер алып барыў, инновациялық педагогикалық усыл ҳәм технологияларды ислеп шығыў, илимий-изертлеў ҳәм әмелий билимлерди интеграциялаўға айрықша итибар қаратылмақта. Оқыў процеси «Hub and spoke» принципи тийкарында шөлкемлестирилген. Бул бир пүтин оқыў системасын жаратыў, ресурсларды оптималластырыў, студентлер ҳәм қәнигелердиң ҳәрекетшеңлигин арттырыў сыяқлы өзгешеликлери менен ажыралып турады.


Университеттиң имканиятларын кеңейтиў ушын келешекте пайтахтымыздың Юнусабад районындағы ҳәм Ташкент ўәлаятының Бостанлық районындағы бурынғы колледжлер имаратлары оңланып, кампусқа айландырылыўы режелестирилген.

ӨзА