Пайтахтымызда 300 ден аслам сырт ел экспертлериниң қатнасыўында «Сайлаўлар демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм жаңаланған Конституцияны әмелде енгизиўдиң жаңа басқышы сыпатында» темасында халықаралық бирге ислесиў басламалары ҳәптелиги болып өтпекте.

Сырт елли журналист, телебаслаўшы ҳәм ток-шоу баслаўшысы Али Аслан модераторлық етип атырған илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов шығып сөйлеп, сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Қатнасыўшылар тәрепинен жаңа редакциядағы Конституцияда күшли парламентаризм ҳәм орынларда ўәкиллик уйымларының ўәкилликлери және де күшейтилгени атап өтилди. Атап айтқанда, Нызамшылық палатасының толық ўәкилликлери әмелдеги 5 ден 12 ге шекем, Сенатта болса 14тен 18ге көбейтилди. Парламенттиң атқарыў ҳәм хуқық қорғаў уйымлары үстинен қадағалаў функциялары кеңейтиледи. Ҳәкимлердиң 33 ўәкилликлери жергиликли Кеңеслерге  өткерилди. Бул болса партиялар ҳәм талабанлар арасында белсене бәсеки орталығының қәлиплесиўине хызмет етеди.

Сондай-ақ, мәжилистиң биринши сессиясында мәмлекетлик уйымлардың жуўапкерлери, халықаралық экспертлер ҳәм хуқықтаныўшылар, сиясий партиялар, пуқаралық жәмийети институтының ўәкиллери қатнасты.

Сөйлесиўдиң тийкарғы мақсети – Өзбекстандағы демократиялық реформалардың жаңа басқышы шеңберинде сайлаўлардың әҳмийети, сайлаў нызамшылығындағы жаңалықлар ҳәм олардың әмелдеги нәтийжелилигин көрип шығыў, сондай-ақ, «Инсан қәдири ушын» деген принципке тийкарланған хуқықый реформалардың мәнисин дүнья жәмийетшилигине жеткериў болып есапланады.

Илаж еки бөлимге ажыратылған ҳалда даўам етти. Ҳәр еки сессияда миллий ҳәм халықаралық экспертлердиң қатнасыўында тараўда әмелге  асырылған жумыслар, алдынғы тәжирийбелер ҳәм әмелий шешимлер ҳаққында атап өтилди. Сөйлесиў даўамында жаңа редакциядағы Конституцияда Өзбекстан «хуқықый мәмлекет» деген принцип қатаң белгиленгенлиги, инсан хуқықлары менен еркинликлери бағдарындағы нормалар 3 есеге көбейтилгени, инсан абырайы ҳәм қәдирине қол қатылмаслықтың беккемленгени, инсан хуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў – мәмлекеттиң жоқары миннетти етип белгиленгени ҳәм олардың халықаралық хуқық нормаларына  толық сәйкес екени айрықша атап өтилди.

Әнжуманда, сондай-ақ, АҚШ, Польша, Ирландия, Финляндия, Швеция, Қубла Корея, Түркия ҳәм Қазақстан сыяқлы бир қатар мәмлекетлерден келген  халықаралық экспертлер  Өзбекстанда сайлаў нызамшылығы ҳәм хуқық тараўында әмелге асырылған жумыслар, алдынғы тәжирийбелер ҳәм әмелий шешимлерди атап өтти.

Экспертлердиң атап өтиўинше, мәмлекетимиздеги реформа сиясий күшлердиң тең салмақлығын жақсылайды ҳәм ең алдынғы халықаралық әмелиятларға сәйкес келетуғын түрде сайлаўлардың легитимлигин тәмийинлейди.

Илаж даўамында сиясий турмыста ҳаял-қызлардың орны айрықша талланды. Атап өтилгениндей, сайлаў процесин шөлкемлестириў ҳәм өткериўде, талабанларды көрсетиўде ҳаял-қызлардың орны артты. Соның ишинде, сайлаў комиссиясының қурамын  қәлиплестириўде ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең хуқықлар менен имканиятларды тәмийинлеў мақсетинде аймақлық сайлаў комиссиясының ағзалығына талабанлардағы ҳаял-қызлардың үлеси кеминде 30 процент, сондай-ақ, сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанларды көрсетиўде ҳаял-қызлардың үлеси кеминде 40 процент болыўы белгиленди.

Сырт ел қәнигелери инсан хуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды жоқары  баҳалады. Экспертлердиң додалаўында, сондай-ақ, Өзбекстанда инсан хуқықларын бекемлеўге байланыслы соңғы  хуқықый реформалар көрип шығылды. Елимизде инсан хуқықлары бойынша халықаралық стандартлар миллий нызамшылықлар менен хуқықты қолланыў әмелиятына системалы ҳәм басқышпа-басқыш түрде имплементацияланып атырғаны айрықша атап өтилди.

Бүгинги күнде Өзбекстан тәрепинен ратификацияланған 80 нен аслам инсан хуқықлары менен еркинликлери тараўындағы халықаралық ҳүжжетлер, соның ишинде, БМШтың 7 тийкарғы шәртнамалары ҳәм 4 факультатив протоколларының қағыйдалары миллий нызамшылықта өз көринисин тапқан. Бул болса мәмлекеттиң халықаралық  стандартларды миллий хуқықый системаға имплементациялаў бағдарындағы ҳәрекетлерин айқын көрсетеди.

Әнжуманда Өзбекстандағы демократиялық өзгерислер бойынша халықаралық экспертлердиң таллаўы усыныс етилди. Инсан хуқықлары тараўындағы халықаралық бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның хабаршысы