Президент Шавкат Мирзиёев 16-октябрь күни жол хожалығы тараӯында исленген жумыслар ҳәм келешектеги тийкарғы ӯазыйпаларға байланыслы презентация менен танысты.

Автомобиль жоллары – экономиканыӊ «қан тамыры». Сонлықтан  мәмлекетимизде бул тараӯға айрықша итибар қаратылып, жумыстыӊ көлеми ҳәм сапасы арттырып барылмақта. Атап айтқанда, алдын, 2009-2016-жылларда 9 триллион сумға мыӊ километрден көбирек жол қурылған ҳәм 20 мыӊ километр оӊланған болса, соӊғы сегиз жылда бул көрсеткишлер 6 есеге шекем өскен. Яғный, тараӯға 58 триллион сум ажыратылып, 2 мыӊ километр жол  қурылған, 100 мыӊ километри оӊланған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 10-октябрьдеги қарарына  муӯапық, жол хожалығы системасы және де жетилистирилди. Атап айтқанда, жойбарлаӯ, қурыӯ, эксплуатация ушын жуӯапкерлер анық белгилеп қойылды, буйыртпашы  ҳәм жумысты бөлип алып ислеӯшилердиң функциялары бир-биринен ажыратылды.

Жолларды  илимге тийкарланып, заманагөй процесслер тийкарында қурыӯға итибар күшейди. Мәселен, жойбар ҳүжжетлериниӊ үлги стандартларынан бас тартылып, ҳәр бир аймақтыӊ геологиялық ҳәм экологиялық өзгешелигинен келип шығыӯ  усылына өтилди. 1 мыӊ 700 арнаӯлы техника сатып алынып, жол хожалығы кәрханаларыныӊ тәмийнат дәрежеси арттырылды. Жаӊа түрдеги асфальт-бетон, цемент-бетон қапламалар  енгизилди.

Нәтийжеде сапа  да өзгермекте. Жаӊадан қурылған жоллардыӊ эксплуатация мүддети 15-20 жыл болады. Олардыӊ жағдайы 42 түрдеги көрсеткиш бойынша тексерилип барылады. Жәҳән банкиниӊ грант қаржылары есабынан алып  келинген техникалар жолдың физикалық өзгешеликлерин баҳалаў ҳәм жер астынан коммуникация тармақларының жағдайы қапламаны бузбаған ҳалда  тексериӯ имканиятын береди.

Көшелердги абаданлық «Жасыл мәкан» бағдарламасыныӊ, улыӯма, мәдениятымыздыӊ бир бөлеги. Ҳәр мәӯсимде олардыӊ еки шетине нәллер егилмекте. Сондай-ақ, тереклерди өсириӯ ушын жоллар  бойындағы жер майданларын ижараға бериӯ енгизилди.

Презентацияда тараӯдағы жойбарлар менен режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиӊ таллаӯына бола, сапалы жоллар Өзбекстан экономикасыныӊ кеминде 2 процент өсиӯине түртки береди. Бүгинги  күнде халықаралық қаржы шөлкемлери менен 729 километр жолды реконструкциялаӯ бойынша 6 жойбар әмелге асырылмақта. Соныӊ ишинде, жақын күнлерде «Қоӊырат-Бейнеӯ» жөнелисиндеги 240 километр жол пайдаланыӯға  тапсырылады. Сондай-ақ, Гүлистан – Әндижан, Душанбе – Термиз, Бухара – Түркменбашы, Үргенш – Хазарасп жолларыныӊ белгили бир бөлеклери  қайта қурылады.

Тараӯға жеке меншик сектордыӊ ӯәкиллери де кеӊнен тартылмақта. Аймақлардағы улыӯма 260 километр жоллардыӊ эксплуатациясы аутсорсинг тийкарында исбилерменлерге берилди. Азия раӯажланыӯ банки жойбары шеӊберинде 841  километр жол қурылысында биринши мәрте толық жергиликли жумысты бөлип алып ислеӯшилердиң қатнасыӯына келисилди.

Мәмлекетимиз басшысы тараӯдағы ӯазыйпаларды көрсетип өтти.

– Өзбекстанныӊ географикалық жайласыӯын итибарға алсақ, сыртқы саӯдада халықаралық  жоллардыӊ әҳмийети оғада үлкен. Сонлықтан Әндижан менен Қоӊыратты, Термиз бенен Ташкентти байланыстыратуғын улыӯма 4 мыӊ километрлик халықаралық жолларымыз еӊ жоқары талапларға жуӯап бериӯи шәрт, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ташкент – Самарқанд ҳәм Ташкент-Әндижан аралығындағы төлемли жол жойбарларын жеделлестириӯ, оларды қатнаӯ дәрежеси жоқары болған участкаларда қурыӯ зәрүр екенлиги атап өтилди. Бундай жағдайларда қолайлы бийпул жол болыӯы айрықша нызам менен белгиленеди.

Бүгинги күнде 4 мыӊ 700 көпир оӊланыӯ жағдайында. Үш жыллық бағдарлама ислеп шығып, оларды басқышпа-басқыш оӊлаӯ ӯазыйпасы қойылды.

Аймақларда жол бойы инфраструктурасы раӯажландырылып, саӯда ҳәм хызметлер шөлкемлестирилмекте. Презентацияда  атап өтилгениндей, оған қосымша дерлик 4 мыӊ километрлик халықаралық автомагистральда 70 сервис комплекси қурылады.

Жол ҳәм суӯ тармақлары сыяқлы инфраструктуралық жойбарларда халықаралық қаржы институтлары менен тығыз ислесиӯ, сырт ел консультантларын тартыӯ бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА