Немис илимпазлары жасалма интеллект (ЖИ) ҳәм чат-ботлардың медициналық мәсләҳәтлер усыныс етиў бағдарындағы имканиятларын баҳалады. Бул ҳаққында «Scimex» жаңалықлар  порталы мәлим етти.

Эрланген ҳәм Нюрнбергтеги (Германия) Фридрих-Александр атындағы университетитиң қәнигелери октябрь айының ортасында илимий жумыстың дәслепки нәтийжелери менен ортақласты. ЖИ пайдасын баҳалаў ушын олар «Windows»қа орнатылған «Microsoft» тың «Copilot» нейротармағынан пайдаланды. Шыпакерлер «Copilot» пайдаланыўшыларға усыныс еткен медициналық мәсләҳәтлердиң ярымына қосылмайтуғыны мәлим болды.

Тест даўамында илимпазлар тәрепинен  чат-ботқа 50 дәри-дәрмақларға байланыслы болған 10 сораў берилди ҳәм ҳәммеси болып 500 жуўап алынды. Мәлим болыўынша, жуўаплардың тек 54 проценти илимий консенсусқа сәйкес келген, қалған бөлеги  саламатлық ҳәм турмыс ушын қәўип туўдырған.

Надурыс емес жуўаплардағы 42 процент мәсләҳәтлер жеңил ҳәм орташа зыянға, 22 проценти – өлим менен тамамланыўына алып келиўи мүмкин. Нейротармақлар надурыс жуўаплардың 36 проценти зыянсыз деп табылған.

Илимпазлардың атап өтиўинше, ЖИниң потенциалына қарамастан, наўқаслар ушын бурынғыдай өз шыпакерлери, яғный жанлы қәнигелер менен мәсләҳәтлесиў әҳмийетли  болып есапланады.

Роман БОНДАРЧУК, ӨзА