Президент Шавкат Мирзиёев 15-ктябрь күни Ташкент ўәлаятының Алмалық қаласына барды.
Бул қаланың тийкары ҳәм драйвери – Алмалық кән-металлургия комбинаты. Экономика, жумыс орынлары, турақ жайлар, мәденият ҳәм билимлендириў орынлары усы комплекс тийкарында қәлиплескен.
Ҳәзирги күнде избе-из өсиў, заман менен бирге ҳәрекетлениў керек. Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир тараўды илимге тийкарланып раўажландырыў талабын қояды.
Алмалықта да кадрлар таярлаў усы түрде жолға қойылған. Атап айтқанда, қалада Ташкент техника университетиниң ҳәм Москва полат ҳәм еритиў институтының филиаллары ашылған. Жақында оларға қосымша Алмалық кән-металлургия комбинатының Инженерлик мектеби шөлкемлестирилди.
Президент бәринен бурын усы мектеп жумысы менен танысты.
Бул жерде Германия тәжирийбеси тийкарында жылына 480 инженер таярланады ҳәм мың хызметкердиң маманлығы арттырылады. Сабақ процесслери бағдарлар ҳәм темалардан келип шығып, сырт елли профессор-оқытыўшылардың қатнасыўында алып барылады.
Оқыў бағдарламасы Германияның Фрайберг кәншилик академиясы, «GP Günter Papenburg AG» ҳәм «Aurubis AG» компанияларының алдыңғы билимлендириў методологиялары тийкарында ислеп шығылған. Мектеп соған муўапық, механика, металлургия, өндиристи автоматластырыў, пайдалы қазылмаларды байытыў, энергетика бағдарлары бойынша заманагөй оқыў-әмелият үскенелери менен тәмийинленген.
Мәмлекетимиз басшысы бул ханаларда болып, жумыс үйренип атырған жаслар менен сәўбетлести.
– Заман өзгермекте, ҳәр бир тараўға инновациялар кирип келмекте. Соған мүнәсип маман кадр болыў ушын бәрқулла өз үстиңизде ислеўиңиз керек. Комбинат тәғдири санластырыўда. Ҳәр бир бөлимди, өндиристиң ҳәр бир басқышын санластырыў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.
Алмалық кән-металлургия комбинатында 3-мыс байытыў фабрикасы қурылмақта. Келешекте онда ислейтуғын қәнигелер ҳәзирден таярланбақта.
Қысқа ўақытта бул жерде 100 ден аслам жаслар оқып, тармақ кәрханаларына жумысқа жайласқан.
Президентимиз мектептиң нәтийжелилигин және де арттырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Оның ушын оқыўлар турақлы шөлкемлестирилиўи, ең әҳмийетлиси, әмелият пенен тығыз байланыслы болыўы керек.
Быйыл 20-июнь күни инженерлик тараўларында кадрлар таярлаў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын және де жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси болып өткен еди. Онда биринши басқышта 10 жоқары инженерлик мектеби шөлкемлестирилетуғыны белгиленген еди.
Ҳәзирги күнде усындай мектеплер шөлкемлестирилмекте. «Тармақ-кәрхана-жоқары оқыў орны» шынжырын беккемлеў мақсетинде ҳәр бириниң санаат пенен бирге ислесиўшиси белгиленеди.
Инженерлик мектеплери жоқары билимлендириў мәкемелериниң қурамында жетекши бағдарлар бойынша шөлкемлестириледи. Оларда математика, физика, химия, инженерлик графикасы, информатика ҳәм шет тиллери бойынша терең билим бериледи. Бакалавриат ҳәм магистратура 4+1 түринде жолға қойылады. Студентлер 2-курстан қәнигеликлер бойынша сайлап алынып, санаатта бирге ислесиўшилери ушын мақсетли кадрлар таярланады.
Бул мектеплердиң профессор-оқытыўшылары «Эл-юрт умиди» қоры, тийисли бирге ислесиўши ҳәм университет қаржылары есабынан жетекши сырт ел мәкемелерине маманлық арттырыўға жибериледи. Санаатта бирге ислесиўшилер тараўдың раўажланыўынан келип шығып, заманагөй лабораториялар қурады.
ӨзА