Президент Шавкат Мирзиёев 14-октябрь күни дөретиўшилик жумыслары, халықтың турмысы ҳәм жаңа жойбарлар менен танысыў мақсетинде Ташкент ўәлаятының бир қатар районларында болды.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ташкент ўалаятына барды.
Алдын бул жердиң орайы жоқ еди. Келес жолының көшеси бойлап жаңа имарат ҳәм комплекслер бой тиклегеннен соң, аймақтың көриниси пүткиллей өзгерди. Атап айтқанда, бул бас көше кеңейтилген ҳалда қайта қурылды. Оның еки тәрепинде Мәмлекетлик хызметлер орайы, Жаслар орайы, мәденият сарайы, амфитеатр, универсал спорт комплекси, естелик майданы ҳәм сейил етиў орны сыяқлы көркем имаратлар қурылды.
Ески, пәс үйлердиң орнында 41 көп қабатлы турақ жай қурылды. Енди олардағы 2 мың 536 хожалықта 11 мыңнан аслам халық жасайды. Бул жайлардың жертөле ҳәм биринши қабатында саўда, улыўмалық аўқатланыў, турмыслық ҳәм қаржы хызметлери бойынша 270 шақапша шөлкемлестирилмекте. Оларда 1 мың 350 адам, соның ишинде, усы жердеги жаслар ҳәм ҳаял-қызлар жумыслы болады.
Мәмлекетимиз басшысы усы дөретиўшилик жумысларды көзден өткерди.
Реновация жойбарында социаллық инфраструктураға үлкен итибар қаратылды. Орайлық емлеўхана, районлараралық перинатал орайы, балалар бақшасы, «Инсан» социаллық хызметлер орайы, район тарийхы музейи иске қосылды. Өзгерислер тек ғана район орайында емес. Аймақта жақын-жақынға шекем ишимлик суўы машқала еди. Азия раўажланыў банкиниң қаржылары есабынан 4 ҳәўиз қурылып, 365 километр қубыр тартылды. Нәтийжеде 36 мәҳәллениң халқы таза ишимлик суўы менен тәмийинленди. Кейинги үш жылда районда 218 километр ишки жоллар оңланып, асфальт төселди. Бундай жумыслар және даўам етпекте.
Бул жерде Ташкент районында исбилерменликти раўажландырыў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў мәселелери бойынша жуўапкерлердиң есабаты тыңланды. Быйылғы жылдың 6 айында район экономикасы 23 процентке өскен. Жаңа қурылыслар ҳәм олардағы кәрханалар тийкарында салық дәреги көбейген. Ташкент районында 70 мәҳәлле, 62 мың шаңарақ бар. Жағдайы аўыр болған 372 шаңараққа жәрдемлесиў ушын жуўапкерлер ҳәм илажлар белгиленген.
Режедеги жойбарлар, бәнтлик ҳәм исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде жылдың ақырына шекем 34 мың 443 жумыс орны жаратылыўы мөлшерленген.
Президент хожалықлардағы имканиятларды жүзеге шығарыў, исбилерменлердиң кәмбағал шаңарақ ўәкиллерин жумысқа алыўын қоллап-қуўатлаў бойынша тапсырмалар берди.
– Ташкент районы пайтахтымыздың жанында. Бул жерде турақ жай, өндирис, коммерция, хызмет бойынша жүдә үлкен имканиятлар бар. Жумыс дурыс шөлкемлестирилсе, өзи районда кәмбағаллық болыўы мүмкин емес. Соның ушын экономикалық комплекске, мәҳәллелерге берип атырған имканиятлардан пайдаланып, кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай жүриў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.
Ташкент районында жылдың жуўмағы менен дерлик 53 миллион доллар инвестиция өзлестирилиўи есабынан санаатта өсиў пәти 9 процент, хызмет көрсетиўде 13 процент болыўы күтилмекте. Экспорт көлемин 100 миллион долларға жеткериў мақсет етилген.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкент ўәлаяты Зангиата районындағы “Technologies of real time” Өзбекстан –Сингапур биргеликтеги кәрхананың жумысы менен танысты.
Автомобиль қурылысы мәмлекетимиз санаатында ири тармақ. Соңғы жылларда автомобиль ислеп шығарыў дерлик 3 есеге көбейип, усы жылдың ақырында 460 мың данаға жетиўи күтилмекте. 2030- жылға шекем бул көрсеткишти 1 миллионға жеткериў режелестирилген.
Тараўда монополияны жок етиў ҳәм бәсекини раўажландырыў мақсетинде 2 жаңа жеке меншик кәрхана ҳәм арнаўлы сырт ел брендлери кеңнен тартылды. Улыўма, бүгин 20 дан аслам заводта онлаған түрдеги автомобильлер, жүк ҳәм жолаўшы тасыўшы транспортлар ислеп шығарылмақта.
Сол себепли тармақта аўысық бөлеклерге де талап көп. Бул бағдарда 300 ден аслам кәрхана пүткил кооперацияға тутасқан. Зангиатадағы “Technologies of real time” усылардан бири болып есапланады.
Президент 2019-жылы «Өзэкспорай»да болып өткен халықаралық санаат ярмаркасында усы кәрхана өнимлери менен танысып, зәрүр көрсетпелер берген еди. Усының тийкарында, модернизация жумыслары әмелге асырылды. Кәрханадағы 12 цехқа Қытай, Россия, Корея Республикасы, Япония ҳәм АҚШтан келтирилген үскенелер орнатылды. Бүгинги күнде 118 түрли автобильлердиң жүриў, трансмиссия ҳәм басқарыў системалары ушын 750 ден аслам түрдеги аўысық бөлеклер ислеп шығарылмақта.
– Көп детальлар локализацияланғаны ҳәзирше жақсы. Қәнигелер зор болса, сапа да, экспорт та артады, – деди Президент.
Соннан келип шығып, жуўапкерлерге кәрханада аўысық бөлеклердиң қатарын кеңейтиў бойынша тапсырма берилди.
Бул жерде 220 жумыс орны жаратылған. Хызметкерлер кәрханада жолға қойылған моноорайда оқытылып, жумысқа қабыл етиледи. Өнимлер буйыртпа тийкарында Өзбекстан бойлап жеткерип бериледи. Атап айтқанда, «Uzauto Motors»тың Хорезм ўәлаятындағы заводына «Damas» ҳәм «Labo» автомобильлери ушын 773 мың дана аўысық бөлеклер жеткерип берилген.
Товарларды техникалық тексериў ҳәм сынақлардан өткериў ушын заманагөй лаборатория шөлкемлестирилген. Кәрхана өнимлери IATF 16949:2016, ISO 9001:2015, ISO 45001:2020ҳәм «General Motors»тың BIQ халықаралық сапа сертификатларына ийе.
Сонлықтан оларға сырт елде де талап бар. Атап айтқанда, өткен жылы Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Россия, Украина, Бирлескен Араб Әмирликлерине 3 миллион долларлық аўысық бөлеклер жеткерип берилген. Усы жылдың тоғыз айында 2 миллион доллардан аслам өним экспорт етилген.
Сондай-ақ, кәрхана Германия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қытай ҳәм Россияда болып өтетуғын халықаралық көргизбелерде қатнасып келмекте.
Мәмлекетимиз басшысы заводтағы өндирис процеси менен танысты, қәнигелер менен сөйлести. Кәрхана шоурумында таяр өнимлердиң үлгилерин көзден өткерди.
Усы жерде келеси режелер ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, 2025-жылы 1,15 миллион долларлық инвестиция жойбары әмелге асырылады. Нәтийжеде BYD, Chery, Changan, Geely, Dongfeng сыяқлы жаңа автомобиль брендлери ушын аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў өзлестириледи.
Жойбар нәтийжесинде 43 жаңа жумыс орны жаратылады, өндирис қуўатлықлары 180 мыңнан, 280мың данаға жеткериледи.
Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятына сапары ўақтында Янгийўл районындағы «Тынышлық» киши санаат зонасында болып, бир қатар кәрханалардың жумысы менен танысты.
Аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде усындай комплекслердиң әҳмийети үлкен. Усы санаат зонасы төрт жыл алдын отыз алты гектар майданда шөлкемлестирилген еди. Инженерлик инфраструктурасы, ишки жоллар ҳәм имаратлар қурылып, өндирис ушын қолайлы шараят жаратылды.
Бул жерге қурылыс материаллары, жеңил санаат, азық-аўқат тармақларында он бес жойбар жайластырылған. Соннан оны иске қосылған. Оларда өткен жылы 295 миллиард сумлық импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарылған. Быйылғы жылдың жуўмақлары бойынша бул санды дерлик еки есеге көбейтиў мақсет етилген. Ҳәзирше бул кәрханаларда 1 мың 500 ден аслам адам мийнет етпекте. Барлық жойбарлар иске қосылса, бәнтлик және артады.
«Enter Steel» кәрханасында металл конструкциялар, жоқары басымға шыдамлы резервуарлар, жүк көтериўши кранлар, бурғылаў үскенелери, кепсерлеў электродлары, металл есик, электр қутыларды ислеп шығарыў жолға қойылған.
Усы жойбардың баҳасы 40 миллион доллар болып, оған тиккелей сырт ел инвестициялары бағдарланған. Бул жерге Қытай, Япония, Россия, Түркия, Италия, Испания, Германия ҳәм Нидерландия сыяқлы мәмлекетлерден үскенелер келтирилген. Бул болса өнимлердиң сапасы ҳәм жумыс өнимдарлығы жоқары болыўына хызмет етпекте.
Кәрханада жәми 1 мың 500 адамды жумыс пенен тәмийинлеў имканияты бар. Зәрүр қәнигелерди таярлаў ушын «Әмелий моноорай» шөлкемлестирилген. Оқыў ханалары ҳәм лабораториялар заманагөй үскенелер менен тәмийинленди. Билимлендириў бағдарламасы болса Ташкент мәмлекетлик техника университети менен биргеликте ислеп шығылған.
Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың жумыс процесин көзден өткерди, бул жерде таярланып атырған өнимлердиң көргизбеси менен танысты.
Жуўапкерлерге кәрхана өнимлери зәрүр болған тармақлар менен кооперацияны раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди.
«Тынышлық» киши санаат зонасы Ташкент ўәлаяты экономикасында өзине тән орынға ийе. Бул жердеги кәрханаларда локализацияланған, базарға жарамлы өнимлер ислеп шығарылмақта.
Халық ҳәм экономиканың өсиўи менен энергия дәреклерине талап көбеймекте. Мәселен, соңғы төрт жылда Ташкент ўәлаятында электрдиң жумсалыўы 20 процентке артқан. Бул бағдардағы жетиспеўшиликти қаплаў мақсетинде улыўма баҳасы 1,5 миллиард доллар, қуўатлылығы 805 мегаваттан аслам болған 5 жойбар әмелге асырылмақта.
Онда «жасыл» энергетика дәреклерине кең орын берилген. «Тынышлық» киши санаат зонасындағы «Enter Green Solar» кәрханасында оның ушын зәрүр қуяш панеллери ҳәм түрли кабельлер ислеп шығарылады.
Мәмлекетимиз басшысы санаат зонасына сапары ўақтында усы жойбар менен де танысты.
– Бундай жоқары технологяилық өнимлер ислеп шығарып атырған жергиликли кәрханаларымызды қоллап-қуўатлап, жумысын кеңейтиўге және де көбирек шараят жаратыўымыз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Улыўма баҳасы 7 миллион доллар болған кәрханаға Италияның «Ecoprogetti» компаниясының үскенелери орнатылған. Олар тийкарында жылына 377 мың дана жоқары сапалы қуяш панелин ислеп шығарыў жолға қойылған. Кәрхананың өзинде де қуўатлылығы 125 киловатт болған панеллер орнатылған. Бул жерде 100 адам жумыс ислемекте.
Мәмлекетимиз басшысы Янгийўл районындағы «Mesal Water Technologies» кәрханасын барып көрди.
Мәмлекетимизде әмелге асрылып атырған турмыслық бағдарларда ишимлик суўы ҳәм ақаба тармақларының тәмийнатына айрықша итибар қаратылмақта. Бул мәселе тез раўажланып атырған Ташкент ўәлаяты қалалары ушын да әҳмийетке ийе.
Атап айтқанда, «Ташкент ўәлаяты ишимлик суўы ҳәм ақаба суў системаларын реконструкциялаў ҳәм қурыў» жойбарының 3-басқышы шеңберинде Шыршық, Алмалық, Ангрен ҳәм Бекабадтағы объектлер реконструкцияланбақта.
«Mesal Water Technologies» кәрханасында усындай суў тазалаў комплекслери ушын отыздан аслам арнаўлы қурылма ҳәм үскенелер ислеп шығарылмақта.
Жойбарға 1,7 миллион доллар қаржы қаратылып, Қытай, Германия ҳәм Түркиядан келтирилген энергия үнемлеўши технологиялар орнатылған. Кәрхана халықаралық сертификатларға ийе. 50 адам жумыс пенен тәмийинленген.
Бундай кәрханалардың жумысының кеңейиўи халықтың абаданлығы ҳәм саламатлығына үлес қосатуғыны атап өтилди.
Ташкент ўәлаяты пайтахтқа жақын екенлиги, елимиз аймақлары ҳәм халықаралық жолларды бир-бирине байланыстырыўы менен үлкен экономикалық потенциалға ийе. Кейинги жети жылда аймақта дерлик 9,4 миллиард долларлық инвестициялар өзлестирилип, 143 мыңнан аслам жумыс орны ҳәм 5 миллиард долларлық экспорт имканияты жаратылған.
Бул жеделликти даўам еттирип, 2024-2026-жыллар ушын улыўма 26 миллиард долларлық 125 жойбар режелестирилген. Олардың 21и стратегиялық, 52си тармақ, 52си аймақлық жойбарлары болып есапланады. Бул басламалардың нәтийжесинде 42 мың жумыс орны жаратылатуғыны мөлшерленген.
Мәмлекетимиз басшысына улыўма баҳасы 3,4 миллиард доллар болған 11 жойбар таныстырылды.
Оларға Қытай, Қубла Корея, Түркия, Саудия Арабстаны, Россия, Әзербайжан сыяқлы мәмлекетлердиң компаниялары ҳәм жергиликли исбилерменлер инвестиция киргизбекте. Тоқымашылық, азық-аўқат, медицина, электротехника, энергетика, қурылыс материаллары, геология, хызмет көрсетиў ҳәм басқа тармақлардағы бул жойбарларда 23 мың жумыс орны жаратылады.
Мәселен, Зангиата районында Қубла Корея инвесторлары менен биргеликте баўыр, буўын, көз ҳәм мийди емлеўде қолланылатуғын дәри-дәрмақлар ислеп шығарыў шөлкемлестириледи. Ол жерде 200 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.
Президентимиз инвесторлар ушын барлық шараятларды жаратыў, жойбарлардың ҳәр бир басқышын қадағалап, мәселелерди шешиў бойынша көрсетпелер берди.
Соң, Янгийўл районында Ташкент ўәлаятындағы әҳмийетли жойбарларды иске қосыў ҳәм қурылысты баслаў мәресими болып өтти.
Ташкент ўәлаяты мәмлекетимиздиң экономикасында стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул аймақ ҳәм гөззал пайтахтымыздың потенциалы өз-ара байланыслы ҳәм бир-бирин толықтырып келеди.
Кейинги бес жылда Ташкент ўәлаятында санаат көлеми 1,5 есеге көбейип, 107 триллион сумды қураған, жергиликли экспорттың көлеми 3,5 есеге артып, дерлик 1 миллиард долларға жеткен.
Қолайлы исбилерменелик ҳәм инвестиция орталығын, көлемин арттырыў, алдынғы технологияларды енгизиўге хызмет етпекте. 2018-жылы ўәлаятта улыўма 20 миллион доллар инвестиция өзлестирилген болса, өткен жылы бул сан 1 миллиард долларға жеткен. Сырт ел капиталы қатнасындағы кәрханалардың саны да жыл сайын артып, ҳәзирде 1 мың 700 ди қурамақта.
Бүгинги күнде 20 миллиард 360 миллион долларлық 91 сырт елли, 4 ярым миллиард долларлық 28 жергиликли инвестиция жойбарлары бойынша жумыс алып барылмақта.
Президент Шавкат Мирзиёев мәресим шеңбериндеги жойбарлардың әҳмийетине тоқтап өтти.
Атап айтқанда, Алмалық қаласында 1 миллиард доллар инвестиция есабынан 227 гектар майданда «Уллы жипек жолы» арнаўлы санаат технопарки қурылады. Ол жерде электротехника, тоқымашылық, қурылыс материаллары, фармацевтика сыяқлы бағдарларда 100ге шамалас кәрхана жайластырылады. 3 мың жаңа жумыс орны жаратылып, жылына 5 триллион сумлық өним ислеп шығарылады ҳәм 300 миллион долларлық экспорт имканияты пайда болады.
Жоқары Шыршық районында 350 миллион долларға 69 гектар майданда тоқымашылық санаат парки шөлкемлестириледи. Бул комплексте 20 дан аслам ийирилген жип, гезлеме тоқыў ҳәм бояў, таяр текстиль өнимлерин ислеп шығарыў кәрханалары жайластырылады.
Мәмлекетимизде азық-аўқат өнимлерин жетистириў ҳәм экспорт етиў избе-из көбейип бармақта. 2030-жылға шекем азық-аўқат ислеп шығарыўды 2 есеге, экпортты 5 есеге ҳәм қосымша қун салығы дәрежесин 3 мәрте арттырыў мақсет етилген. Оған ерисиўде, әлебетте, Ташкент ўәлаятының үлеси үлкен.
Соның ишинде, Янгийўл районында жылына 50 мың тонна минерал төгин ҳәм химиялық қураллар, Қыбрайда жоқары сапалы экспортқа жарамлы азық-аўқат өнимлерин таярлаў кәрханалары иске қосылмақта.
Ташкент ўәлаятының энергетика тараўы да үлкен потенциалға ийе болып, бул жерде 5,7 гигаваттлы қуўатлықлар бар. Бул муғдарды арттырыў мақсетинде 1,5 миллиард долларлық 800 мегаваттан аслам 6 жойбар әмелге асрылылмақта.
Жасыл энергетиканы раўажландырыў менен бирге, елимизде энергетика системасының турақлылығын сақлаў бойынша да көп жумыслар исленбекте. Соның ушын 2030-жылға шекем улыўма қуўатлылығы 4 мың 100 мегаваттлы электр энергиясын сақлаў системаларын қурыў режелестирилген.
Қытайдың жетекши компанияларының қатнасыўында қурылатуғын 3 жойбар бунда әҳмийетли орын тутады. Бәринен бурын «China Datang» компаниясы менен Бўка районында баҳасы 240 миллион долларлық қуяш электр станциясы қурылады. Бул станцияда жылына 576 миллион киловатт саат ямаса 240 мың жай ушын жетерли электр энергиясы алынады. Нәтийжеде ўәлаятта генерация қуўатлықлары 6,5 гигаваттқа, электр энергиясын ислеп шығарыў жылына 24 миллиард киловатт саатқа жеткериледи.
Және еки жойбар – «China Energy Overseas Investment» компаниясы менен биргеликте Паркент ҳәм Пискент районларында қурылатуғын 220 миллион долларлық, 200 мегаваттан энергия сақлаў системасы болып есапланады. Олар күнниң тығыз ўақытларында үзилислерге жол қоймаў ҳәм тутыныўшыларды электр менен исенимли тәмийинлеў имканиятын береди.
Соңғы жылларда елимизде 630 миллион доллар инвестиция есабынан 400 мегаваттан аслам жаңа гидроэлектр станциялары қурылып, олардың қуўатлылығы 2,2 гигаваттқа жеткерилди.
Изертлеўлер елимизде 3 мың 280 мегаватт қуўатлылыққа ийе болған 44 ГЭС қурыў имканияты бар екенлигин көрсетпекте. Әсиресе, Ташкент ўәлаятында гидроэнергетика бойынша оғада үлкен потенциал бар.
Ҳәзирде ўәлаятта улыўма қуўатлылығы 1 мың 330 мегаватт болған 25 гидроэлектр станциясы бар. Бул республикамыздағы улыўма гидроэнергетика қуўатлылығының 60 процентине тең болып есапланады.
Бүгинги күнде баҳасы 880 миллион доллар ҳәм қуўатлылығы 340 мегаватт болған және 4 ГЭС қурылмақта. Сондай-ақ, 2028-жылға шекем ўәлаятта улыўма қуўатлылығы дерлик 2 мың 400 мегаватт болған, 4 миллиард 800 миллион долларлық 23 жойбар әмелге асырылады.
Мәресимде соннан екеўи – Аҳангаран районында қурылған 2,5 мегаваттлы киши ГЭС ҳәм Бостанлық районында қурылған 1,5 мегаваттлы Угам киши ГЭСи иске қосылмақта. Бул қуўатлылықлар жылына 18 миллион 400 мың киловатт саат «жасыл» энергия ислеп шығарады ҳәм 7 мың 600 жайды электр энергиясы менен тәмийинлейди.
Шавкат Мирзиёев елимизге инвестиция киргизип атырған сырт ел компанияларына миннетдаршылық билдирип, жумысларына табыслар тиледи.
Символикалық түйме басылып, усы 9 жойбардың қурылысы ҳәм жумысына старт берилди. Олардың улыўма баҳасы 2 миллиард доллар болып есапланады.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ
ӨзАның хабаршылары