Мәмлекетимизде 27-октябрь күни болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў процесинде арнаўлы «saylov.mfa.uz» сайты иске қосылды. Бул дәрек Өзбекстан Республикасының сырт елдеги пуқараларына белгили бир жеңиллик жаратыў мақсетинде ашылды. Яғный, енди ўатанласларымызда электрон тәртипте мүрәжат етип, консуллық есабында турмастан даўыс бериў ушын сайлаўшылар дизимине қосылыў имканияты бар.

Сондай-ақ, бул платформа арқалы сырт елдеги пуқаралар экстерриториал принципи тийкарында өзлери таңлаған сайлаў участкасын өзгертиў арқалы қосымша қолайлықтан пайдаланыўы да мүмкин.

ӨзА