14-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.
Президентимиз Түркменстан жетекшисин шайыр ҳәм ойшыл Мақтымқулы Пырағыйдың 300 жыллық юбилейине бағышланған халықаралық форумның табыслы өткерилгени менен және бир рет қутлықлады ҳәм Ашхабад қаласында көрсетилген қызғын қабыллаў ушын миннетдаршылық билдирди.
Жақында болып өткен ушырасыўда ерисилген келисимлерден келип шығып Өзбекстан- Түркменстан стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери алдағы болатуғын илажлар режесин де додалады.
ӨзА