Душанбе қаласында «Тәжикстан Республикасы Конституциясына 30 жыл» темасындағы халықаралық парламент конференциясы болып өтпекте.
Онда Орайлық Азия мәмлекетлери, Россия Федерациясы, Иран, Беларусь, Әзербайжан ҳәм Армения мәмлекетлери парлементлериниң басшылары қатнаспақта.
Бул халықаралық әнжуман парламентлер аралық бирге ислесиў ҳәм сөйлесиўди және де кеңейтиў ҳәм беккемлеўге қаратылған. Конференция даўамында конституциялық ҳуқықый реформаларды әмелге асырыўда миллий ҳәм халықаралық тәжирийбелер салыстырмалы талланады.
Соның менен бирге, миллий ҳәм дүнья конституциялық раўажланыўында глобал процесслердиң мәнисин анықлаў ҳәм жәмийетте конституциялық қәдириятларды алға қойыў бойынша халықаралық тәжирийбени үйрениў де нәзерде тутылған.
Конференция шеңберинде Тәжикстан Республикасы Президенти Имомали Раҳмон менен парламентлер басшылары арасында көп тәреплеме ушырасыў болып өтти.
Бул ушырасыўда Өзбекстан Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық байланыслар кеңейип атырғаны, соның ишинде, парламентлер аралық бирге ислесиў және де раўажланып атырғанын атап өтти.
Н.Абдураимова,
ӨзА