Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериўде автокредит қаржысын өзлестириў жағдайы анықланды.

«L.N.» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер шахслары «D.» жуўапкершилиги шекленген жәмийеттен «ISUZU» маркалы жүк машинасын сатып  алғаннан кейин гиреўге қойыў шәрти менен аймақлық коммерциялық банк филиалынан ажыратылған кредит қаржысының 595 миллион сумын усы жуўапкершилиги шекленген жәмийет арқалы нақластырып алып, талан-тараж еткенлиги анықланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекети өткерилмекте.

Даўыт Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлиги