Усы жыл 30-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўы, ғәрезсизлигимизди еле де беккемлеў, нәўқыран ҳәм билимли жас әўладты тәрбиялаў жолында жемисли мийнет етип атырған бир топар тараў пидайыларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен қутлықлап, Президентимиз басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли ийгиликли басламалар, билимлендириў системасын раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбелери тийкарында реформалаў, муғаллимлер ҳәм устазлардың жәмийеттеги орнын беккемлеў бағдарындағы жумысларға тоқтап өтти.
Дәслеп Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы тийкарында Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен сыйлықланған Ўатанласларымызға орден ҳәм медальлар тапсырылды. Сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерли мийнетлери, жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў ҳәм оларды нәўқыран, билимли жаслар етип камалға келтириў жолындағы белсендилиги ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң “Халқ таълими фидойиси” ҳәм “Халқ таълими аълочиси” көкирек белгилери менен сыйлықланды.
Сыйлықланғанлар атынан шығып сөйлегенлер, мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге, республикамыздың басшыларына миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги