Өзбекстан 2024-жылдың дәслепки 8 айында үлкен муғдардағы шийени сырт мәмлекетлерге экспорт еткен. Бул ҳаққында Статистика агентлиги хабар берди.

Дәслепки мағлыўматларға бола, Өзбекстан 2024-жылдың январь-август айларында 16 мәмлекетке баҳасы 70,4 миллион АҚШ долларына тең 32,2 мың тонна шийе экспорт еткен.

Мәлим етилиўинше, шийе экспорты баҳасы жылдың сәйкес дәўири менен салыстырылғанда 17,5 миллион АҚШ долларына асқан.

2024-жылдың 8 айында Өзбекстан ең көп шийе экспорт еткен мәмлекетлер дизиминде Россия 25,4 мың тонна менен биринши орында турыпты.

Өзбекстаннан ең көп шийе экспорт еткен мәмлекетлердиң «ТОП-9»лығы болса төмендегише:

  1. Россия – 25,4 мың тонна
  2. Қазақстан – 3,5 мың тонна
  3. Қырғызстан – 2,7 мың тонна
  4. Беларусь – 193 тонна
  5. БАӘ – 118 тонна
  6. Қытай – 91 тонна
  7. Корея – 28 тонна
  8. Малайзия – 17,4 тонна
  9. Саудия Арабстаны – 7,1 тонна

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги