Халықаралық мийнет  шөлкеми (ХМШ)ниң хақы төленетуғын дем алыслар ҳаққындағы 132-санлы Конвенциясын 38 мәмлекет ратификациялаған.

Онда мийнет қатнасықларында хызметкерлердиң мийнет етиўин әмелге асырыўға байланыслы хуқықлары, соның ишинде, дем алыў ҳәм хақы төленетуғын дем алыслардан пайдаланыў хуқықларын тәмийинлеў илажларын және де күшейтиў сыяқлы мәселелер орын алған.

Усы ҳүжжеттиң Өзбекстанда ратификацияланыўы күтилмекте. Сол мақсетте  «Халықаралық мийнет шөлкеминиң ҳақы төленетуғын дем алыслар ҳаққындағы 132-санлы  Конвенциясын (1970-жылы қайта көрип шығылған. Женева, 1970-жыл 24-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам ислеп шығылды.

Сенаттың  Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық қатнасықлар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң мәжилисинде усы нызам дәслепки тәризде көрип шығылды.

Додалаў процесинде конвенцияның ратификацияланыўы Өзбекстан Республикасы ҳәм ХМШ арасындағы өз-ара бирге ислесиўди және де раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди. Миллий нызамшылықты және де жетилистириў, хызметкерлердиң дем алыў ҳәм хақы төленетуғын дем алыслардан пайдаланыў хуқықларын тәмийинлеў бойынша  халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиўге кеңнен имканият жаратылады.

Өзбектсанның халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен қатнасықларда унамлы имиджин арттырады. Жәҳән саўда шөлкемине интеграцияласыўды жеделлестириўге жәрдем береди.

Сондай-ақ, мәжилисте «Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Қытай Халық  Республикасы Ҳүкимети арасынла жасырын мәлимлемени өз-ара қорғаў ҳаққындағы Келисимди (Сиань, 2023-жыл 18-май) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.

Бул ҳүжжетте  еки мәмлекет ҳүкиметлериниң еки тәреплеме бирге ислесиўи процесинде тәреплер бир-бирине ҳәр қандай түрде беретуғын (алатуғын), сондай-ақ, қәлиплескен  жасырын мәлимлемелерди өз­-ара қорғаўды тәмийинлеўге байланыслы мәселелер өз  көринисин тапқан.

Келисимниң ратификацияланыўы еки мәмлекет арасында өз-ара пайдалы сиясий, әскерий, экономикалық, илимий-техникалық ҳәм басқа тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыўға имканият жаратады.

Еки тәреплеме бирге ислесиў процесинде ҳәр қандай түрде беретуғын (алатуғын) ҳәм қәлиплесетуғын жасырын мәлимлемелерди тәреплердиң ҳүкимет тәрепинен өз-ара қорғалыўы ушын хуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Н.Абдураимова, ӨзА