Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында қурылыс индустриясы ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўды раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис даўам етпекте.
Мәжилисте экономиканың барлық тармақларының раўажланыўына үлкен импульс беретуғын тараўлардан бири – қурылыс екени атап өтилди.
Мәселен, Өзбекстанда жылына 150 триллион сумлық қурылыслар болмақта. Бул қаржылардың үштен бирин қурылыс материаллары қурайды.
Қәрежетлердиң қалған бөлеги электротехника, машина қурылысы, тоқымашылық, химия, металлды қайта ислеў санаатлары, қурылыс техникалары, қурыў-пардозлаў, жойбарлаў ҳәм дизайнер хызметлерине туўра келеди.
Әпиўайы етип айтқанда, қурылыс – мыңлаған әпиўайы жумысшыларды бәнт етиўден баслап, жойбарлаўшы, архитектор, дизайнер, инженер-технолог сыяқлы жоқары мийнет ҳақы алатуғын креатив санаат қәнигелерине талапты қәлиплестиретуғын тараў.
ӨзА