11-14-сентябр күнлери Қытайдың Шеньян қаласында спорттың Академиялық ескек есиў түринен 19 ҳәм 23 жасқа шекемги спортшылар арасында Азия чемпионаты болып өткен еди.
Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы спортшылар да табыслы қатнасты. Атап айтқанда, олардың арасында Айдана Сметуллаева ҳәм Нурила Абдуалиевалар медальларды қолға киргизди.
Соның ишинде, Айдана Сметуллаева еки адамлық қайықта Райхан Саттарова менен алтын, төрт адамлық қайықта Райхан Саттарова, Нурила Абдуалиева ҳәм Райхан Каримовалар менен бирге қола медалын жеңип алыўға миясар болды.
Бүгин Нөкис темир жол вокзалында бул спортшылар ата-аналары, тренер-устазлары, дослары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.
-Шәкиртимниң ерискен табысы, бизлерди шексиз қуўанышқа бөледи,-дейди Айдана Сметуллаеваның тренери Айнур Ильясова.-Алдағы ўақытлары да оқыў-шынығыўларды еле де күшейтип, жәҳән чемпионатларында да табысқа ерисиўге ҳәрекет етемиз. Буның ушын бизлерде барлық имканиятлар бар.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы