Республикамыздың барлық орынларында алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары  нәтийжесинде  мәҳәллелерди абат етиў, ол жерде халықтың жақсы жасаўы ушын қолайлы шараятлар жаратып, машқалаларын шешиў бойынша кең көлемли жумыслар көзге тасланбақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2024-жылда мәҳәллелердиң инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы  2024-жыл 17-июль күнги арнаўлы қарарына муўапық, Нөкис районы аймағында электр тармақлары хызметкерлери тәрепинен «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйыны Саманбай аўылында  142 дана темир бетон бағаналары менен 1 дана трансформатор пункти орнатылды ҳәм 3,2 километрге электр ҳаўа тармағы тартылды.

-Электр токлары бағаналары ҳәм олардағы сымлардың  тозғанлығы себепли аўылымызға жаңа  кабеллер тартылып атыр. Усы жумыслардың нәтийжесинде 125 хожалықтың электр энергиясы жақсыланады.  Буның ушын аўылымыз турғынлары атынан миннетдаршылық билдиремен,-дейди аўыл турғыны Қ.Аметов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги