Кеше Саудия Арабстанының Жидда ҳәм Иран пайтахты Тегеран қаласында Азия футбол конфедерациясы Элит Чемпионлар лигасының топар басқышынан орын алған 1-тур ойынлары болып өтти.

Жидда қаласындағы «Шаҳзада Абдулла Ал Файсал стадионы»нда болып өткен ойында «Ал Аҳли» Иранның «Персеполис» клубы менен күш сынасып, онда майдан ийелери Франк Кесси тәрепинен ушырасыўдың 2-минутында урылған гол есабынан жеңиске еристи.

Бул ушырасыўда мийманлар командасы қурамында Остон Ўрунов толық ҳәрекет етти.

Ал, Тегеранда болып өткен ойында болса, жергиликли «Истиқлол» клубы Қатардың «Ал Гарафа» клубы менен ойнап, өз қарсыласларын 3:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Иран клубы қурамында өзбекстанлы Жалолатдин Машарипов ойында 84 минут өз шеберлигин көрсетти.

Бүгин бул турнирде Ташкенттиң «Пахтакор» клубы Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Ал-Васл» клубына қарсы өз ойынын өткереди. Ушырасыў саат 19:00 де басланады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы