Президентимиздиң ғамхорлығы ҳәм итибары нәтийжесинде қарақалпақстанлы жасларға бир қатар имканиятлар жаратып берилмекте.

Усылар қатарында, Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында» ғы пәрманы менен өткен оқыў жылында республикамыздың аймағында турақлы жасайтуғын, улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлерин тамамлаған жаслар ушын мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге, төлемли-контракт тийкарында қосымша 6500 квота ажыратылған еди.

Быйылғы жылда да республикамыздың қала ҳәм районлары ушын зәрүр болған маманлықлар санынан ҳәм кадрлардың ишки мүтәжликлеринен келип шығып, 10 мың қосымша квота ажыратылды. Онда ўәлаятлардағы жоқары оқыў орынларын таңлаған абитуриентлер ушын қосымша төлемли-контракт тийкарында 7 мың квота берилген болса, Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары ушын 2 мың квота, Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынлары ушын мың қосымша квота төлемли-контракт тийкарында ажыратылды.

Әлбетте, қосымша квоталардың ажыратылыўы республикамыз ушын зәрүр болған маман кадрларды таярлаўда әҳмийетли болып, бул өз гезегинде Президентимиздиң қарақалпақстанлы жаслар ушын айрықша жаратып берген имканиятларының және бир әмелдеги көриниси болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги