«Руда емес материалларды қазып алыўға мораторий енгизилген суў бассейнлери аймақларының шегараларын белгилеў ҳаққында»ғы Ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, Шыршық, Сырдәрья, Сангзор, Зарафшон, Норин, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья дәрьяларының аңғарларындағы руда емес материалларды қазып алыўға мүддетсиз мораторий енгизилетуғын аймақлардың шегаралары тастыйықланды.

Онда мораторий қолланылатуғын дәрьялар аймақлары шегараларына дәрья аңғарлары, олардың жағалық регионлары ҳәм суўды қорғаў зоналары киреди.

Тийисли шөлкем ҳәм ҳәкимликлер:

дәрьялардың мораторий қолланылыўы белгиленген аймақларында дәрья аңғарларын тазалаў ҳәм руда емес материалларды қазып алыў жумысларының тоқтатылыўын қатаң қадағалаўға алады;

дәрья аңғары, жағалық регионлары ҳәм суўды қорғаў зоналарында руда емес материалларды нызамсыз қазып алыўдың алдын алыў бойынша қадағалаў илажлары күшейтиледи ҳәм енгизилген мораторийди бузыўға байланыслы ҳуқықбузарлық жағдайлары бойынша нызамшылықта белгиленген тәртипте илажлар көрилиўин тәмийинлейди.

Дәрьялардың мораторий қолланылыўы белгиленген аймақларында жайласқан қум-шағыл тас қазып алыўшы ҳәм қайта ислеўши исбилерменлер таў ҳәм таў алды аймақларына ямаса усы аймақларға жақыны жайласқан киши санаат зоналарына көшириў илажлары көриледи.

Көширилип атырған исбилерменлерге руда емес материалларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы «E-auksion» арқалы рәсмийлестирип барылады.

Мағлыўмат ушын: Президент пәрманына муўапық, жоқарыдағы дәрьялар аңғарларындағы руда емес материалларды қазып алыўға мүддетсиз мораторий енгизилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги