Қарақалпақстандағы Барсакелмес шорлы аймағында өткерилген «Планетамыз келешегине қосқан үлесимиз» халықаралық экомарафонында 11 мәмлекеттен 250 профессионал ҳәм ҳәўескер жуўырыўшы қатнасты. Олардың арасында Nike елшиси Фараҳ Мажид ҳәм Adidas ўәкили Ғани Сулаймон да бар.

14−15-сентябрь күнлери Қарақалпақстандағы сийрек ушырасатуғын тәбийғый орын – Барсакелмес аймағында (Арал теңизи жақынындағы атаў) «Планетамыз келешегине қосқан үлесимиз» халықаралық экомарафон болып өтти. Ол Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги ҳәм ProRun жуўырыў мектеби менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Экология министрлиги баспасөз хызметиниң хабарына бола, марафонда Өзбекстан, Ҳиндстан, Кения, Того, Судан, Иордания, Испания, Канада, Дания, Беларусь, Россия сыяқлы 11 мәмлекеттен 250 профессионал ҳәм ҳәўескер жуўырыўшы қатнасты.

Ушырасыўшылар арасында Nike компаниясының мусылман ҳаял-қызлар арасында жуўырыўды үгит-нәсиятлаўшы елшиси Фарақ Мажид ҳәм Adidas ўәкили Ғани Сулайман да бар еди.

Еки күнлик илаж бағдарламасында қара үй лагеринде жайластырыў, мәдений бағдарлама, этно-шоу, Барсакалмес шорлы аймағына саяхат, 42 км марафон, 21 км ярым марафон ҳәм 5 ҳәм 10 км аралыққа жуўырыў орын алған.

Шөлкемлестириўшилер Барсакелмес марафоны ҳәр жылы откерилетуғын илажға айланатуғынына үмит етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги