Бүгин Ташкент қаласындағы «Юнусобод» спорт комплексиндеги теннис кортларында «Дэвис кубоги» жарысы шеңберинде Өзбекстан ҳәм Эстония сайланды командалары арасында беллесиўдиң дәслепки күн ойынлары жуўмақланды.
Онда сайланды командамыздың екинши ракеткасы Сергей Фомин эстониялы Марк Лаялға қарсы кортқа түсти ҳәм 4:6, 6:4, 6:7 (6:8) есабында жеңилип қалды.
Ал, екинши ойында болса, мәмлекетимиздиң биринши ракеткасы Ҳумоюн Султонов Кристиан Тамм менен ушырасып, 7:6 (7:2), 6:4 есабында жеңип шығыўға миясар болды.
Солай етип, дәслепки күн беллесиўлеринен соң командалар арасындағы есап теңбе-тең болып тур.
«Дэвис кубоги» жарысы шеңберинде Өзбекстан ҳәм Эстония сайланды командалары арасында беллесиўлер ертең де даўам етеди ҳәм онда Ҳумоюн Султонов/Сергей Фомин жуплығы Йоханнес Сеем/Сиим Троост жуплығы менен өз-ара ойын өткерсе, жеккелик беллесиўлерде Ҳумоюн Султонов Марк Лаяль, Сергей Фомин Кристиан Таамға қарсы кортқа түседи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы