Европа мәмлекетлеринде ХЕC коронавирусының жаңа түри тарқала баслады. Эпидемиологлардың пикиринше, зыянкестиң күшейиў итималы бар.

“AзерТAЖ”дың хабар бериўинше ХЕC дәслеп жаз мәўсиминиң басларында Германияда дизимге алынған, соң континенттиң 11 мәмлекетине тарқалған.

Ҳәзирги ўақытта майда түрлерге тийисли бул вирустың еки түрли көриниси қосылыўының нәтийжесинде генетикалық өзгешеликлер ажыралып, жаңа түр пайда болған. Бул коронавирустың толық доминант түри – омикрон субварианты болып табылады.

Бул вирус адамда турақлы түрде иммунитет жағдайына сәйкес келетуғын жаңа мутацияны қәлиплестиреди. ХЕСта алдын бар болған түрде кеселленген адамға аңсат жуғыў өзгешелиги бар.

Жүзеге келген жағдай алдынғы жағдайлардан аўырлаў екени яки анық белгилер ҳаққында ҳәзирше ҳеш қандай мағлыўмат жоқ. Шаншылған халық аўыр кеселликлерден жақсы қорғалған, дейди қәнигелер.

ӨзА