Кеше Будапешт қаласында өткерилип атырған 45-Пүткил жер жүзилик шахмат Олимпиадасында 7-тур ойынлары болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланды командасының ерлер командасы украиналы шахматшыларды 3:1 есабында жеңген болса, қызларымыз Греция сайланды командасын 2,5:1,5 есабында жеңиўге миясар болды.
Бул жеңистен соң Өзбекстан ерлер сайланды командасы турнир кестесинде Ҳиндстан ҳәм Иран сайланды командаларынан соң үшинши орынды ийелеп тур.
Ал, қызлар сайланды командасы болса, улыўма командалық есапта 11-орында киятыр.
Бүгин шахмат Олимпиадасында 8-тур ойынлары болып өтеди ҳәм онда Өзбекстан ерлер сайланды командасы сербиялы шахматшылар менен, қызларымыз АҚШ сайланды командасы менен өз-ара беллеседи.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, АҚШ сайланды командасы қурамында негизги шығысы өзбекстанлы болған Гүлруҳбегим Тахиржанова қатнаспақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы