Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Глобал Жасыл Өсиў Институты (GGGI) менен биргеликте аўыл хожалығы тараўында жумыс алып барып атырған кәрхана ийелери ҳәм фермерлер ушын «Agrotech Innovation Day: “Jasilawil платформасы менен келешекти бирге қурамыз!» атамасында аўыл хожалығы техникаларының көргизбе-ярмаркасы ҳәм тараў қәнигелериниң қатнасыўында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Кѳргизбе-ярмаркасында аўыл хожалығы ҳәм агробизнес ўәкиллери менен бир қатарда, усы тараўға заманагөй инновацияларды енгизип атырған фермерлер, экспортёр кәрхана ийелери, техника жеткерип бериўшилер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, қаржы институты хәм лизинг компаниялары ўәкиллеринен ибарат 558 ден аслам қәнигелер қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Д.Кайпов, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы К.Артыков, Глобал жасыл өсиў институтының шөлкемлер менен байланыслар ҳәм сиясатты ислеп шығыў бойынша исенимли ўәкили Б.Ражапов, «Aral Sea GRIP» жойбарының менеджери Жи Ун Ким шығып сѳйлеп, соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасында қоршаған орталыққа, тәбияттың жасылланыўына деген дыққат итибар әдеўир артып, соның нәтийжесинде, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда экологияға шыдамлы, суўды үнемлеўши технологиялар ҳәм әсбап-үскенелер әмелге енгизилип атырғанлығын айрықша атап ѳтти.
Ашылыў мәресиминен соӊ, эстрада жулдызларыныӊ концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды. Илажда агробизнес ўәкиллери ҳәм қатнасыўшылар аўыл хожалығы тараўында тәжирийбе алмасыў ҳәм экологияға шыдамлы, ең соңғы инновациялық технологиялар менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.
― Көргизбени шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – аўыл хожалығындағы ең соңғы заманагөй технологияларды үгит-нәсиятлаў, фермерлер ҳәм агробизнес ўәкиллериниң байланысларын беккемлеў, сондай-ақ, “Jasilawil” мобиль бизнес флатформасының имканиятлары менен аўыл хожалығы тараўы ўәкиллерин ҳәм агробизнес ўакиллерин таныстырыўдан ибарат. Илаж даўамында қатнасыўшылар көргизбе стендлерден орын алған аўыл хожалығы тараўында энергия үнемлеўши ҳәм экологияға зыянсыз 150 ден аслам техника-технологиялар, фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилген ҳәм кәрханалар тәрепинен ислеп шығарылған 70 тен зыят ѳнимлер менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, олар аўыл хожалығы тараўын буннан былай да раўажландырыў бағдарында сәўбетлесип, тәжирийбе алмасты,-дейди басқарма баслығыныӊ орынбасары М.Косназаров.
Буннан соӊ, “Jasilawil” мобиль бизнес платформасының презентациясы болып ѳтти. Илажды басқарма баслығыныӊ орынбасары М.Косназаров алып барды.
Дәслеп, «Consort Group» жойбары менеджери Б.Ниязов платформаның программа ҳәм веб-сайт форматында қолланыў имканиятлары ҳаққында мағлыўмат берди.
“Jasilawil” мобиль платформасы Аралбойында аўыл хожалығы хәм экология тараўларында бизнес пенен шуғылланыў ушын керекли мағлыўматларды усынады. Бул платформада пайдаланыўшылар тийисли тараў ўәкиллери менен мәсләҳатлесиўи, сондай-ақ, Қарақалпақстанныӊ барлық қала ҳәм районлары бойлап пайдалы материаллар, жаӊалықлар хәм ҳәптелик азық-аўқат баҳалары менен танысыўы мүмкин.
Илажда «Fruit Development International» компаниясыныӊ Ѳзбекстандағы ўәкили Wouter Van Eeden Petersman онлайн қатнасып, экспертлер ҳәм қатнасыўшылар арасында кызғын пикирге себеп болып атырған платформаны жетилистириўге тийкар болатуғын жаӊа бағдарлар туўралы мағлыўмат берип, пикир-усынысларын билдирди.
Буннан соӊ, Жәҳән банки қатнасыўындағы «Өзбекстан Республикасында аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбарыныӊ Қарақалпақстандағы координаторы А.Даўлетбаев, Халықаралық раўажландырыў агентлиги қатнасыўындағы «Шарўашылық тараўын турақлы раўажландырыўды қаржыландырыў» жойбарының ўәкили Ш.Атаниязов, Жәҳән банки қатнасыўындағы «Аўыллық исбилерменликти раўажландырыў – 2 фаза» жойбарының координаторы Ҳ.Джумабаев, Франция раўажландырыў агентлиги қатнасыўындағы «Шарўашылық тараўын турақлы раўажландырыўды қаржыландырыў» жойбарының ўәкили У.Карлиевлар қатнасыўшыларға аўыл хожалығы тараўында жеӊиллетилген кредит ҳәм грантлар ажыратыў тәртиплери ҳаққында мағлыўматлар берди.
Қатнасыўшылар ушырасыўлар шеӊберинде, аўыл хожалығындағы инновациялар, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, агробизнести қаржыландырыў ҳәм қамсызландырыў сыяқлы әҳмийетли темалар бойынша сөйлесиўлер алып барды. Экспертлер, агробизнес ўәкиллери ҳәм фермерлердиң қатнасыўы тараўда ушырасып атырған машқалалар ҳәм имканиятларды анықлаўға тийкар жаратты.
Бир сѳз бенен айтканда, бул илаж тек ғана экологияға шыдамлы аўыл хожалығы ушын инновациялық технологияларды таныстырыў орталығы болып қалмастан, әмелге асырылып атырған илажлар Қарақалпақстанның аўыл хожалығы секторын беккемлеўге хызмет етеди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги