2024-жылдың 4-5-сентябрь күнлери Ташкент қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Регионаллық контртеррор структурасының оныншы халықаралық илимий-әмелий конференциясы ҳәм Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамының терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша екинши конференциясы болап өтеди.

Онда ШБШ ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары, ҒМДА уйымларының жумысшы структуралары, халықаралық шөлкемлер, сондай-ақ, терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў машқалаларын үйрениўге тартылған билимлендириў ҳәм илимий-аналитикалық шөлкемлер делегацияларының қатнасыўы күтилмекте.

Конференцияда БМШ, ҒМДА АТМ, Интерпол, ЕОГ, АБИИК ҳәм басқа шөлкемлердиң ўәкиллери де қатнасады.

Конференциядан гөзленген тийкарғы мақсет терроизм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша алдынғы тәжирийбелерди өз-ара алмасыў, бул бағдардағы халықаралық бирге ислесиўди жетилистириў илажларын ислеп шыгыў, қатнасыўшылардың қәўипсизликке болған жаңа қәўиплерге улыўмалық түсиниқ ҳәм көзқарасларын қәлиплестириўден ибарат.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети тәрепинен ҒМДА АТМның муўапықластырыўында Бирге ислесиўши мәмлекетлердеги ўәкилликли уйымлардың «Шығыс-Контртеррор – 2024» биргеликтеги контртеррор шынығыўлары өткериледи.

Шынығыўлардан гөзленген мақсет әҳмийетли инфраструктура объектлери ҳәм адам тығылыс болған орынларда терроршылық ҳәрекетлерин анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша биргеликтеги контртеррор илажларын өткериўде ҒМДАға ағза мәмлекетлердеги ўәкилликли уйымлардың жумысын жетилистириўден ибарат.

ӨзА