Орынларда әмелге асырылып атырған ири қурылыс-оңлаў жумысларының өз ўақтында, сапалы орынланыўы жуўапкер министрликлер менен шөлкемлердиң, тараў басшыларының турақлы қадағалаўында.
Усы жыл 28-29-август күнлери даўамында Бажыхана комитети Капитал қурылыс басқармасының баслығы Ш.Нишанбаев, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының орынбасары О.Кадиров басқарманың жуўапкер сектор хызметкерлери, буйыртпашы Инжиниринг компаниясы, жойбарлаўшы “Арх Энерго Проект” ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши “Үй-жай Қурылыс СО” ЖШЖ ўәкиллериниң қатнасыўында “Даўыт ата” шегара бажыхана постындағы реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў бойынша 1-басқыш Бажыхана терминалының қурылыс жумыслары процеси үйренилди.
Үйрениўлер даўамында Бажыхана терминалының қурылыс жумысларын жеделлестириў, қурылыс-монтажлаў жумысларын тезлестириў, сапалы орынланыўын тәмийинлеў ҳәм ажыратылып атырған қаржылардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша тапсырмалар берилип, қурылыстағы орын алған машқалалар ҳәр тәреплеме үйренилип, жуўмақлаўшы шешимлер қабыл етилди.
Соның менен бирге, “Даўыт ата” шегара бажыхана постын реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў бойынша 2-басқыш қурылыс жумыслары да көрип шығылып, усы объектке тийисли жойбар-сметалық ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм экспертизалардан өткериў жумысларын кешиктирмей баслаўға келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.