Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 22-23-август күнлери Россияныӊ жетекши компанияларының бири «Business Line» компаниясы ўәкиллериниң бирге ислесиў бойынша текстиль тараўында жумыс алып барыўшы кәрхана ийелери менен ушырасыў мақсетинде Қарақалпақстанға бизнес сапары басланды.

Бүгин Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Қосназаров ҳәм «Ўзтуқимачиликсаноати» ассоциациясының Қарақалпақстан Республикасы филиалының баслығы Ж.Сапарбаевлар «Business Line» компаниясы ўәкиллери Денис Сорокин ҳәм Екатерина Зубареваларға Беруний районындағы «Райхан аппарел», Елликқала районындағы «Dav group expert» ҳәм Төрткүл районындағы «Барака Төрткул» кәрханаларының жумыслары менен таныстырды.

Ушырасыўлар даўамында россиялы исбилерменлер ҳәм Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы кәрханалар өз-ара бирге ислесиў бағдарында сөйлесиўлер алып барды.

«Business Line» компаниясы ўәкиллериниң Қарақалпақстанға сапары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги