БМШ Раўажланыў бағдарламасы жәрдеминде майыплығы болған шахслар ушын қолайлы орталық жаратыўға қаратылған Миллий стандартларды додалаў өткерилди. Жаңа стандартлар жәмийеттиң барлық ағзалары ушын, атап айтқанда, майыплығы болған шахслар ушын тең ҳуқықлы ҳәм қолайлы орталықты тәмийинлеўге қаратылған.

Додаланған стандартлар майыплығы болған шахслардың мәмлекетлик хызметлерден онлайн пайдаланыўда ушырасатуғын тосқынлықларды сапластырыўға және де жәрдем береди.

Илажда Санлы ҳүкимет жойбарларын басқарыў орайы хызметкерлери де белсене қатнасып, “my.gov.uz” порталында инклюзивлик ҳәм санлы шараятларды тәмийинлеў стратегиясы бойынша презентация иследи. Бул болса майыплығы болған пуқаралар ушын мәмлекетлик хызметлерден онлайн пайдаланыў имканиятларын және де кеңейтиўге қаратылған ҳәрекетлердиң бир бөлеги сыпатында атап өтилди.

Бул илаж Өзбекстанның барлық пуқаралары, соның ишинде, майыплығы болған шахслар ушын да қолайлы ҳәм инклюзивлик жәмийетти қурыў жолындағы және бир әҳмийетли қәдем болып табылады.

                                                                                                                                                      ӨзА