Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА) Өзбекстанда ҳәм дүньяда жүз берип атырған ең соңғы жаңалықларды ҳәм жәмийетлик-сиясий мәлимлемелерди тарқататуғын рәсмий мәлимлеме агентлиги сыпатында турақлы өзиниң жумысын жетилистириў, заманагөй технологиялардан пайдаланыў, медиа мәканға жаңа усыл ҳәм форматларды енгизиў үстинде изленеди. Мақсет, оқыўшыларды жедел, қалыс ҳәм  исенимли жаңалықлар менен тәмийинлеў болып есапланады.

Соңғы жылларда  жасалма интеллект жеделлик пенен  раўажланып атырғаны ҳеш кимге сыр емес. Бүгинги күнде дерлик барлық тараў жасалма интеллект имканиятлары ҳәм жәрдеминен пайдаланбақта. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги де заман менен тең болған ҳалда жасалма интеллект тийкарында Собира Холдорова деп аталған арнаўлы робот-хабаршы жаратты.

Бул хабаршы тоғыз тилде (өзбек, инглис, рус, француз, араб, қытай, немис, испан, қазақ) рәсмий мәлимлемелер ҳәм жедел жаңалықларды жеткерип турады.

Сынақ тәризинде иске қосылған жасалма интеллект видео репортажлар таярлаў  көлемин басқышпа-басқыш кеңейтип барады.

Мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары

Әлбетте, жасалма интеллект жәрдеминде видео репортажлар таярлаў үлкен имканият  болыўы менен бир қатарда, өзине тән қәўипти де пайда етеди. Себеби жаман нийетли инсанлар жалған ҳәм фейк хабарлар тийкарында қурылған видеоларды да таярлап, интернет арқалы тарқатыўы мүмкин. Сол себепли Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги  атынан өтирик видеолар тарқалған жағдайда, оның ҳақыйқый екенлигин тексериў имканияты тәмийинленеди. Оның ушын ҳәр бир видеоға арнаўлы QR-код жайластырылады ҳәм усы QR-кодтағы  силтемени жеделлестириў арқалы ӨзА рәсмий  сайтындағы әне, усы видео текстин оқыў мүмкин болады. Егер жасалма интеллект жәрдеминде таярланған видеода QR-код жоқ болса ямаса ондағы силтеме ӨзА сайтына жөнелтирилмеген болса, онда бул жалған видео есапланады.

Собира Холдорова ким?

Бул хабаршыға бийкарға Собира Холдорова деп атама қойылмады. Себеби Холдорова Орайлық Азия ҳәм Өзбекстандағы биринши профессионал ҳаял журналист болған.

Собира Холдорова 1907-жылы Наманган ўәлаятының Чуст қаласында кәмбағал дийқан шаңарағында  туўылған. 1923-жылы Ташкентке келип ҳаял-қызлар билим бериў институтында еки жыл даўамында билим алады. Кейин ала Москвадағы Жоқары журналистика институтында оқыйды.

Ташкентке қайтып келген соң, бир қанша газета, журнал  редакцияларында ислейди. 1937-жылы «буржуа элементлер менен байланысқа жол қойған, сергекликти жойытқан»  деген айыплаўлар менен қамаққа алынады. 1940-жылы 5-декабрь күни Якутияға 10 жылға сүргин етиледи. Собира Холдорованың өмирлик жолдасы Мўмин Усмонов болса 1938-жылы  4-октябрьде атып тасланған. Сүргин ҳаққындағы суд ҳүкиминен соң перзентлери Пўлат ҳәм Манзура балалар үйине тапсырылған.

1955-жылы қамақтан қайтқан Собира Холдорова 1984-жылы қайтыс болған. Улы Пўлат Усмонов екинши жер жүзилик  урыстан жарақатланып қайтқан. Қызы Манзура  Усмонова физика-математика илимлер докторы.

Жасалма интеллект тийкарында жаратылған хабаршыға Собира Холдорованың атын қойыўдан мақсет, репрессия қурбаны болған биринши өзбек ҳаял-қыз журналистиниң жарқын естелигин тиклеў болып есапаланды.

Жасалма интеллект тийкарында хабаршы жаратыўда журналист Дилдора Абдухалилова прототипинен пайдаланылған.

ӨзА