Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студентлерди турақ жай менен тәмийинлеўде гезек күтип турыўдың алдын алыў, оқыў жылы басланыўы қарсаңында студентлердиң турақ жайсыз қалыўы жағдайларын болдырмаў мақсетинде 4 орында арнаўлы орайлардың жумыслары жолға қойылды,-деп хабар бермекте институт баспасөз хаткери И.Мәтеков.
Бул орайларда институттың студентлерди турақ жай менен тәмийинлеў жумысларын муўапықластырыў бөлиминиң қәнигелери ҳәм волонтёрлар тәрепинен турақ жайға мүтәж болған студентлерди жатақхана ҳәм ижара үйлери менен тәмийинлеў бойынша әмелий жәрдем берилмекте.
Институтта жаңа оқыў жылы алдынан Нөкис қаласында студент-қызлар ушын 576 орынлық, студент ер азаматлар ушын 93 орынлық, Елликқала районында 225 орынлық студентлер турақ жайлары таяр ҳалға келтирилди.
Сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында үш орында – 100, 400 ҳәм 362 орынлық студентлер турақ жайлары жаңа оқыў жылына студентлерди қабылламақта.
Соның менен бирге, институт әтирапындағы мәҳәллелерден 198 ижара үйиниң шараятлары үйренилип, жаңа оқыў жылына таярлап қойылған.
Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 14-августтағы 376-санлы қарары тийкарында тастыйықланған регламентке муўапық 1-августтан баслап студентлер арзаларын my.gov.uz порталы арқалы жибериўи мүмкин.
Регламент тийкарында дәслеп жеңиллик ҳәм үстинликке ийе талабанлар студентлер турақ жайларына қабылланады.
Буннан соң улыўма дизимдеги студентлер ушын жатақханада аўысқан орынлар санына салыстырғанда гезеги менен төмендегише бөлистириледи:
1-курс студентлери ушын 55-65 процент;
2-курс студентлери ушын 15-20 процент;
3-курс ҳәм оннан жоқары курс студентлери ушын 20-25 процентке шекем ажыратылады.
Арзаларды қабыллаў 1-августтан баслап оқыў жылының жуўмағына шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.