Сыртқы ислер министрлиги баспасөз хызметиниң мәлимлемесине бола, 2024-жыл 21-август күни Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов БМШтың Турақ жай ҳуқықы бойынша Арнаўлы баянатшысы Балакришнан Ражагопал менен ушырасты. Атап өтилгениндей, Өзбекстан Ҳүкимети халықаралық шөлкемлер менен көплеген тараўларда жедел бирге ислеспекте. 2024-жылдың басынан берли Өзбекстанның басламасы менен БМШтың 5 резолюциясы қабыл етилди. Ушырасыўда БМШтың арнаўлы баянатшысы менен барлық тараўларда тығыз бирге ислесиўди даўам етиўге таярлық билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги