Өзбекстанда турақлы халықтың саны ҳәр күни орташа 1,8 мың адамға артып атырғаны мәлим етилди.
Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2024-жылдың 1-июль жағдайына бола республиканың турақлы халқы 37 134,2 мың адамды қураған. Турақлы халықтың саны өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда 2,1 процентке көбейген.
Өзбекстанның халқы 2024-жылдың ҳәр бир айында орташа 55,7 мың адамға көбейген. 2024-жылдың ҳәр бир күнинде турақлы халықтың саны орташа 1,8 мың адамға көбеймекте.
Халықтың шама менен 18 миллион 696 мыңы ер адамлар, 18 миллион 437 мыңы ҳаял-қызлардың үлесине туўра келеди. Мәмлекеттиң қала халқының саны 18,9 миллион адамды, аўыллардағы халқы 18,2 миллион адамды қурайды.
Агентликтиң мағлыўматына бола, республика халқының орташа жасы 28,5 жас болған. Салыстырыў ушын, 2014-жылы халықтың орташа жасы 27,3 жас еди, деп мәлимлеме береди хс.уз