Президент сапарынан соң
Усы жыл 20-август күни Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен гезектеги ашық сөйлесиўи бәршеде айрықша қызығыўшылық оятып, исбилерменлеримизге және де күш-қуўат бағышламақта.
Үш жылдан берли усы сәнениң Исбилерменлер күни байрамы сыпатында кеңнен белгилениўи, мәмлекетимиз басшысының бизнес ўәкиллери менен быйылғы ашық пикирлесиўиниң қарақалпақ журтында өткерилиўи маған айрықша қуўаныш бағышлады. Бизнес ўәкиллери қатарында өзим де усы ушырасыўда қатнастым. Буннан жүдә қуўанышлыман. Себеби Президентимиздиң қарақалпақ халқына болған меҳри, аталарша ғамқорлығы, итибары өзгеше.
Өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары әзелден бир-бири менен тыныш-татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап келмекте. Президентимиздиң бул ретки исбилерменлер менен ушырасыўының бизиң республикамызда өткерилиўи Қарақалпақстанға инвестиция киргизип, бизнес ислеўдиң басқа аймақларға қарағанда 3 үстинлиги бар екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда бизнес ушын басқа аймақта жоқ елиўден аслам жеңиллик пакетиниң, жер ажыратыўдың әпиўайы системасының енгизилгени, үлкен базарларға шығыў ушын ең қолайлы аймақ Қарақалпақстан екенлигине айрықша тоқтады. “Қарақалпақстанда бизнес ислең” бағдарламасын таярлаў ўазыйпасының қойылғанлығы бул аймақта санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер көрсетиўди раўажландырыў ушын айрықша әҳмийетке жаңа идея ҳәм нәпес алып келеди. Қарақалпақ елиниң ертеңи бүгингиден де жақсы болыўы ушын берилип атырған жеңилликлер менен преференциялар, имканиятлар адамларды жаңа шеклерге қарай руўхландырады.
Өзим исбилерменликтиң туризм тараўы бойынша жумыс алып бараман. “Muinak Tour” жуўапкершилиги шекленген жәмийети 2017-жылдың февраль айынан баслап жумыс баслады. Туристлик агентлигимиз Мойнақ районына, Арал теңизине ҳәм басқа орынларға жеке тәртипте ямаса топар болып саяхат етпекши болған пуқараларға хызмет көрсетеди. Усы дәўир ишинде ислеген мийнетлерим нәтийжесиз кетпеди. Президентимиздиң сыйлығы ушын өткерилип киятырған дәстүрий “Ташаббус-2021” таңлаўының мәмлекетимиз басқышында “Ең жақсы исбилермен ҳаял” бағдарында биринши орынды ийелеп, биринши дәрежели диплом ҳәм “Nexia – 3” автомашинасы, 2022-жылы “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси ҳәм 2023-жылы “Дўстлик” ордени менен сыйлықландым.
Президентимиздиң исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға қаратып атырған айрықша итибары әпиўайы қарақалпақ қызы сыпатында маған жумысларымды еле де кеңейтиўиме күш-қуўат бағышлайды.
Амина БЕКЖАНОВА,
“Muinak tour” ЖШЖ баслығы, “Дўстлик” ордениниң ийеси, O’zLiDeP белсендиси.
Қарақалпақстан хабар агентлиги