«Өзтемиржолконтейнер» Ҳиндстанның Мундра, Нҳава Шева ҳәм Ченнай портларынан Өзбекстанға жаңа мультимодаль жөнелисте контейнер тасыўлары жолға қойылды.

Сынаў тәризинде әмелге асырылған  бул тасыўлар Ҳиндстаннан Иранның Бандас Аббас портына теңиз арқалы ҳәм Бандар Аббас портынан Сергели станциясына шекем темир жол транспортында алып келинди.

Контейнерлер Бандар Аббас портынан Сарахс станциясына шекем Иран платформаларында ол жерден болса «Өзбекстан темир жоллары» АЖға қараслы платформаларға қайта жүкленген ҳалда Түркменстан арқалы Өзбекстанға жеткериледи.

20 жигирма футлық контейнерден қуралған жүк поезды улыўма темир жол узынлығы 2673 км болған аралықты 20 күнде басып өтти. Келешекте тасыў мүддетин 15 күнге қысқартыў режелестирилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги